"Темиржолэкспресс" АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, республикамыз бойлап дем алыс күни етип белгиленгенлиги себепли жолаўшылардың талапларының артыўын есапқа алған ҳалда жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын 775/776-санлы "Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" "Афросиёб" электропоезды усы жылдың 8, 9, 10, 11-май күнлери аралығында қосымша қатнаўы жолға қойылады.

Қосымша қатнаўлар төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди.

775-санлы "Самарқанд - Ташкент" жөнелиси:

Самарқанд 10:55 - Ташкент 13:15

776-санлы "Ташкент - Самарқанд" жөнелиси:

Ташкент 13:56 - Самарқанд 16:14