Соңғы бес жыл Өзбекстан футболы ушын бурылыс дәўири болды. Миллий чемпионатлар системасы реформаланып, балалар ҳәм жас өспиримлер академиясы шөлкемлестирилди. Аймақларда 75 үлкен ҳәм 302 киши стадион бар.
2017-жылы елимизде ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясының талапларына жуўап беретуғын тек ғана 3 футбол майданы болған болса, ҳәзирги күнде олардың саны 10 нан асты.
Жақында Жоқары Шыршық районында заманагөй Миллий футбол орайының қурылысы жуўмақланды. Қәнигелестирилген мектеплерде 65 мыңнан аслам жас спортшылар футбол менен шуғылланып, оларға жетекши сырт ел клубларының тренерлери ҳәм медицина қәнигелери тартылған.
Футболшыларды таңлаўды мәҳәлледен баслаў системасы жаратылды. Оның ушын хошаметлеўши механизмлер енгизилип, 70 процент мәҳәллелерде "мини-майдан"лар шөлкемлестирилди. 1 мың 500 мектеп стадионы оңланып, 1 миллионнан аслам оқыўшы ҳәм жаслар футболға тартылды. Мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесиндеги жарыслар дәстүрий түрге айланды.
Бул илажлар өз нәтийжесин бере баслады.
- Тарийхта биринши мәрте Олимпиада сайланды командамыз Париж Олимпиадасында қатнасты. Миллий сайланды командамыз биринши мәрте гезектеги жәҳән чемпионатына жоллама алды. Ҳәзир болса Қатарда 17 жасқа шекемги футболшыларымыз Азия чемпионы сыпатында мәмлекетимиз абырайын қорғамақта, - деди Президент мәресимде.
Бүгинги күнде 20 өзбекстанлы футболшы абырайлы сырт ел клубларында ойнамақта. Олардың жәми трансфер баҳасы 60 миллион доллардан артады. Әсиресе, жерлесимиз Абдуқодир Ҳусанов Азияның ең қымбат футболшысына айланғаны айрықша атап өтилди.
Бул өзбек футбол мектебиниң халықаралық дәрежедеги тән алыныўы болып есапланады.
Сондай-ақ, Президентимиз жақында Өзбекстанға сапары ўақтында ФИФА президенти Жанни Инфантино футболға қаратылып атырған итибар, жаратылған инфраструктура, басқарыўдағы реформалар, улыўма, өзбек футболында жүз берген түпкиликли өзгерислерди жоқары баҳалағанын мәлим етти. Оның атап өтиўинше, халықаралық футбол жәмийетшилиги елимизге үлкен ҳүрмет пенен қарайды ҳәм бүгинги күнде Өзбекстан Азия футбол гигантларынан бири болып есапланады.
2-октябрь күни ФИФА Кеңеси 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў ҳаққында қарар қабыл етти.
Ҳәр бир мәмлекетте чемпионат ойынлары үш стадионда өткериледи. Финал ҳәм ярым финал ойынлары 50 мыңнан аслам тамашагөйге мөлшерленген стадионда өткерилиўи - бул ФИФА талапларынан бири.
- Соның ушын жергиликли футболымыз ушын әҳмийетли болған объект - Жаңа Ташкентте стадион қурыўды баслап атырмыз. Не ушын 100 миллион долларлық бул жойбар ушын Жаңа Ташкент таңланған? Себеби, Жаңа Ташкент имканиятлар ҳәм алдынғы идеялар орайына айланады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Жаңа Ташкенттеги барлық жойбарлар бир пүтин концепция тийкарында - заманагөй архитектуралық көзқарас ҳәм миллий қәдириятларды үйлестириў, экологиялық тазалық ҳәм "ақыллы басқарыў"ға итибар қаратыў арқалы әмелге асырылмақта. Усы концепция тийкарында қурылып атырған жаңа стадион тәбийғый орталыққа интеграцияланып, "жасыл энергия", "ақыллы басқарыў" ҳәм қолайлы қала орталығын жаратыў принциплери тийкарында қурылады.
Стадион ФИФАның барлық талапларына муўапық қурылады ҳәм Азиядағы ең ири ҳәм технологиялы футбол объектлеринен бирине айланады.
Бул имарат тек ғана 2027-жылғы U-20 жәҳән чемпионаты ушын емес, ал келеси он жыллар даўамында пүткил өзбек футболы ҳәм жаслар спорты раўажланыўының драйверине айланады.
Өзбекстанның жәҳән чемпионатын өткериў ҳуқықы халықаралық жәмийетттшиликтиң мәмлекетке болған исеними ҳәм жоқары ҳүрметиниң гезектеги көриниси екенин атап өтиў керек.
Чемпионатқа таярлық шеңберинде айрықша мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланып, онда инфраструктура, транспорт, мийманхана хызмети, медицина ҳәм волонтёрлық ҳәрекети бойынша ўазыйпалар белгиленетуғыны атап өтилди.
- Бүгин қурылып атырған Жаңа Ташкент стадионының тырнағы ертеңги жеңислеримиздиң тийкары. Бул стадион жаслардың илҳам дәреги, халқымыздың мақтанышы, миллионлаған жанкүйерлерге үлкен саўға болатуғынына исенемен, - деди Президент.
Илаж соңында Президент Шавкат Мирзиёев капсулаға тырнақ тасын қойып, стадион қурылысына старт берди.