Усы Реже сертификатластырыўды өткериў, талапкерди авторизциядан өткериў, сырт ел экологиялық маркировкалаў системаларын тән алыў ҳәм экологиялық маркировкалаў белгисин қолланыўды өз ишине алады.
Арза бериўши экологиялық маркировкалаў уйымына белгиленген формалардағы өним ҳәм хызметлерди сертификатластырыў бойынша арза менен жазба ямаса электрон тәризде мүрәжат етеди.
Экологиялық маркировкалаў уйымы тәрепинен сертификатластырыў бойынша арза келип түскен күннен баслап 5 жумыс күни даўамында онда көрсетилген мағлыўматлар көрип шығылады.
Сертификациялаўды өткериў 3 айдан аспаған мүддетте әмелге асырылады.
Экспертлер топары тәрепинен сертификатластырыў процеси нәтийжелери бойынша жуўмақ рәсмийлестириледи.
Сертификациялаў нәтийжелеринен наразы болғанлар 1 ай ишинде Апелляция комиссиясына жазба ямаса электрон формада апелляция шағымын бериўи мүмкин.