Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Жойбарға бола, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап исбилерменлик субъектлерин "жасыл исбилермен" сыпатында тән алыўға қаратылған платформа иске қосылыўы нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда:
көклемзарластырыў, соның ишинде, кәрхананы "жасыл белбеў" менен ораў, суўғарыў системаларын орнатыў, тамшылатыў, жаўдырыў ҳәм контейнерли (қуты) суўғарыў системасын енгизиў;
энергияны үнемлеў, соның ишинде, энергияны үнемлейтуғын үскенелер ҳәм технологияларды енгизиў;
кәрхананың қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў, соның ишинде, экологиялық ҳуқықбузарлық ислемеў, атмосфераға шығындыларды онлайн мониторинг етиў системасын енгизиў;
өндириске циркуляр экономиканы енгизиў ("7R") принципин енгизиў сыяқлы көрсеткишлерди орынлаған исбилерменлик субъектлерине "жасыл исбилермен" статусы бериледи.
Сондай-ақ, "жасыл исбилермен" статусын алған исбилерменлик субъектлерине:
"Ашық-айдын қурылыс" платформасында үстинлик бериледи;
белгили бир мүддет даўамында экологиялық тексериўлерден азат етиледи;
халықаралық базарларға шығыў ушын қоллап-қуўатланады;
Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтинги шеңберинде қосымша балл бериледи.
Жойбарда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыўды хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-апрельден баслап шығындыларды утилизациялаў есабынан және самал ҳәм қуяш дәреклеринен ислеп шығарылған электр энергиясы ушын "жасыл тарифлер" енгизилиўи де нәзерде тутылмақта. Бунда:
исбилерменлик субъектлери тәрепинен шығынды ҳәм биогаз утилизациясы арқалы ислеп шығарылатуғын және шөлкемлердиң өз аймақларында орнатқан самал ҳәм қуяш электр қурылмаларынан ислеп шығарылатуғын электр энергиясы;
халықтың қуяштан алынған ҳәм пайдаланыўда өз талабынан арттырып, мәмлекетке сататуғын электр энергиясы ушын жеңиллетилген тарифлер белгиленеди.