Пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент арасындағы транспорт байланысын күшейтиў, транспорт ағымын нәтийжели басқарыў, халықтың ҳәрекетлениўи ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған бул жойбарлар қала инфраструктурасын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңа көпир Ташкент ҳәм Жаңа Ташкент қалаларын байланыстырады. Оның қуўатлылығы суткасына 40-50 мың автомобилди қурайды. Жойбардың биринши басқышы шеңбериндеги қурылыс жумыслары усы жылдың ақырында басланған еди.

Жойбар шеңберинде қоршаған орталыққа абайлылық пенен қараўға айрықша итибар қаратылмақта. Жағалық бойларын көклемзарластырыў, энергия үнемлейтуғын жақтыландырыў системаларын орнатыў, пиядалар ҳәм велосипед жолларын қурыў режелестирилген. Сондай-ақ, көпир арқалы еки жөнелисли трамвай жолын тартыў нәзерде тутылған.

Жаңа Ташкентти Ташкент қаласы менен байланыстыратуғын 21 километрлик келешектеги метро линиясы жойбары 9 заманагөй бәндиргини өз ишине алады. Ол күнине 230 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Бул жөнелис пайтахт метрополитениниң әмелдеги тармағы менен толық интеграцияланып, бирден-бир ҳәм үзликсиз транспорт системасын қурайды.

Мәмлекетимиз басшысы 20 мың квадрат метр майданға ийе автомобиль турыў орны менен интеграцияланатуғын келешектеги линия станцияларынан бириниң қурылысын көзден өткерди. Жойбарда автомобиль, пияда ҳәм жәмийетлик транспорт ағымлары анық ажыратылған, қәўипсизлик ҳәм функционаллық тийкарғы бағдарлар етип белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта аймақта жер қазыў ҳәм бетон қуйыў жумыслары алып барылмақта. Комплексти 2027-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Президентимиз жойбарлардың Жаңа Ташкент ушын стратегиялық әҳмийетин атап өтип, қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз мүддетинде әмелге асырыў бойынша өз усынысларын берди.