Атап өтилиўинше, дүньяның 4 континенти 32 мәмлекетинен жәми 428 дзюдошы қатнасып атырған турнирдиң биринши күни беллесиўлери Өзбекстан жаслар сайланды командасы ушын әўметли болды.

Камол Муродов бас тренерлигиндеги дзюдошыларымыз онда 2 алтын, 2 бронза медалын қолға киргизди. Бул нәтийже менен жерлеслеримиз биринши күннен соң улыўма командалық есапта биринши орында баратыр.

Алтын медаллар

-66 кг: Дилшодбек Ҳамроев.

+78 кг: Умида Ниғматова

Бронза медаллар

-60 кг: Самариддин Қўчқоров.

-63 кг: Сарвиноз Ҳусанова