Атап өтилиўинше, жарыстың соңғы күнинде U17 жас категориясында еркин гүрес бойынша беллесиўлер өткерилди. Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалларын қолға киргизди.

Гүмис медаль:

-51 кг: Улуғбек Рашидов;

-55 кг: Абдумалик Жалолиддинов.

Бронза медаль:

-45 кг: Миржалол Мукаммилов.

-48 кг: Шаҳобиддин Нурманов

-60 кг: Фахриддин Насриддинов.

Жарыс даўамында 1 алтын, 3 гүмис ҳәм 5 бронза медалларын қолға киргизген U17 жас категориясындағы еркин гүресшилеримиз улыўма командалық есапта үшинши орынды ийеледи.

Усы жас категориясындағы спортшыларымыз болса барлық бағдарларда жәми 5 алтын, 7 гүмис ҳәм 12 бронза медалларын топлады.