Қарақалпақстан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы студиялар арқалы өткерилген ушырасыўда 60 мыңнан аслам жаслар қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды қызғын қутлықлап, елимиздеги 22 миллионнан аслам жас үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екенин атап өтти. Барлық дәрежедеги басшылар жасларды тил ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, спортқа тартыў, идея, жойбар ҳәм стартапларын қоллап-қуўатлаў, олардың жумыс ҳәм мүнәсип дәрамат табыўы ушын шараят жаратыў бойынша жедел жумыс алып барыўы, ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаўы керек екенлиги атап өтилди.
Кейинги жылларда жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз халықаралық пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис ҳәм 221 бронза медалын қолға киргизди. Ҳәзирги күнде Гарвард, Йель, Принстон, Колумбия, Корнелл сыяқлы абырайлы университетлерде билим алып атырған студентлердиң саны 500 ден, дүньяның ең абырайлы 100 жоқары оқыў орнына кирген ул-қызларымыздың саны болса 3,5 мыңнан артқан. Ҳәзирги ўақытта жас ўатанласларымыз тәрепинен жаратылған 63 стартап жойбар АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери базарларына кирип барған. Спортшыларымыз халықаралық майданларда 720 алтын, 671 гүмис ҳәм 854 бронза медалын қолға киргизди. Бүгинги күнде елимиздеги бизнес ўәкиллериниң 35 проценти жас исбилерменлер болып есапланады.
Усы мәниде, Жаслардың глобал раўажланыў индексинде Өзбекстанның ең жедел раўажланып атырған мәмлекетлерден бири сыпатында тән алыныўы тәбийғый болып есапланады. Усы жылы Ташкент қаласында Пүткил жер жүзилик тынышлық ушын жаслар ҳәрекети бас резиденциясының ашылыўы ҳәм Самарқанд қаласында Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобал конференциясы, «Take Off» халықаралық стартаплар саммити ҳәм 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасының өткерилиўи бул статусымызды және де беккемлейди.
Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мың жас кирип келетуғынын, 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жететуғынын атап өтип, Президентимиз жаслардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес жумыс табыўы ушын шараят жаратыў оғада әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтти.
Жаслар арасында өткерилген сораў нәтийжелерине бола, олардың үштен бир бөлеги исбилермен болыў тилегин билдирген.
Атап өтилгениндей, өткен жылы банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар қаржы ажыратылып, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, "Жаслар бизнеси" ҳәм "Келешекке қәдем" бағдарламалары есабынан 15 мың жастың өз бизнеси жолға қойылған, олар 50 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеген.
Бул жумыслардың даўамы сыпатында жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны мәлим етилди.
Онда қаржыландырыў имканиятлары кеңейтиледи: өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылады. Жас исбилерменлердиң жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит алыў мүмкин. Инновациялық стартапларға 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге рухсат бериледи. Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан жергиликли брендлердиң франшизасын алыў арқалы филиаллар ашыўдан мәпдар жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи.
Усы жылдан баслап "Келешек исбилермен" бағдарламасы әмелге асырылып, жас исбилерменлерге жыллық 15 процент ставкада 7 жылға шекем кредит бериў нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, өзин-өзи бәнт еткен жасларға 20 миллион сумға шекем, өз жумысын баслап атырған жасларға 300 миллион сумға шекем, жумысын кеңейтиў нийетинде болғанларға 2 миллиард сумға шекем, кеминде 5 питкериўшини жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи.
Сондай-ақ, исбилерменлик жумысын баслап атырған жаслардың 30 проценти исбилерменлик көнликпелериниң жетиспеўшилиги себепли қыйыншылықларға дус келип атырғаны атап өтилди. Соның ушын ҳәр бир аймақта жасларды исбилерменликке оқытыў, идеяны бизнеске айландырыў, бухгалтерия ҳәм банк жәрдемин көрсетиў, маркетинг, ишки ҳәм сыртқы базарларға шығыў бойынша комплексли хызметлер көрсететуғын Жаслар бизнес-инкубаторлары шөлкемлестириледи.
Бир қатар абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынлары алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин атап өтип, "Жаңа әўлад исбилерменлери" бағдарламасын иске қосыў, оның шеңберинде кеминде 40 мың жасты бизнес көнликпелерине оқытыў режелестирилген. Бағдарламаны табыслы жуўмақлаған ең жақсы 1 мың қатнасыўшының жойбары ушын 3 жыл мүддетке 7 проценттен, яғный 200 миллион сумға шекем кредит бериледи.
Онда ҳәр жылы "Жас исбилерменлер" таңлаўы өткерилип, ең жақсы 100 жойбарды қәлиплестириў ҳәм бренд статусына алып шығыў ушын «Yoshlar Ventures» қорынан 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.
1-марттан баслап исбилерменликти баслаған жаслардың инфраструктураға жалғаныўы менен байланыслы мәмлекетлик хызметлер ушын қәрежетлери Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик қоры есабынан қаплап бериледи.
Voice Up (Пикириң менен бөлис) социаллық басламалары бойынша инклюзив лагерь тәжирийбесин кеңейтиў, ҳәр бир аймақта усындай илажлар өткерип, 1 мың жасты қамтып алыў, ең жақсы басламалар менен Самарқандта Халықаралық инклюзив жаслар лагерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
"Өсиў ҳәм раўажланыў (Upshift) " жойбары шеңберинде усы жылы медиа, дизайн, өнерментшилик, өндирис ҳәм инновация тараўларында да таңлаўлар өткериледи. Ең жақсы 40 стартапты қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылады.
Жумыс бериўшилердиң талапларынан келип шығып, техникумлардағы билимлендириў бағдарламаларын жаңалаў, дуал билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жоқары оқыў орынлары сыяқлы техникумларға да "спин-офф"лар ашыўға рухсат бериледи, оқыўшылардың стартап жойбарларына 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады. Усы жылдан баслап техникум оқыўшылары да «Work and Travel» бағдарламасы шеңберинде қосымша дәрамат алыў мақсетинде 6 ай даўамында сырт елде жумыс ислеўи мүмкин болады, қатнасыўшыларға жол ҳақы ушын кредит бериледи.
Шет тиллери бойынша сертификат алған жасларды қоллап-қуўатлаў механизми өзиниң нәтийжелилигин көрсетип атырғаны, бундай сертификат алған жаслардың саны 600 мыңнан артқаны, 72 мың шет тиллерин пуқта билетуғын инструкторлар корпусы қәлиплестирилгени атап өтилди. Жеке меншик оқыў орайларының саны 3 есеге көбейип, 38 мыңнан асты.
Жеке меншик оқыў орайлары ассоциациясын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды. Уйымға ағза орайларға имаратларды ижараға берген исбилерменлер ижара дәраматы салығы ҳәм пайда салығынан азат етиледи. Сондай-ақ, бундай орайлардың оқытыўшыларын алдынғы билимлендириў мәкемелерине стажировкаға жибериў әмелияты жолға қойылады.
"Көмек" бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақларда шет тиллерин оқытыў орайларының жумысын кеңейтиў ушын 300 миллион сумға шекем процентсиз кредит бериў нәзерде тутылған. Алыс аймақлардағы оқыў орайлары 1 процент социаллық салық төлейди, оқытыўшылардың дәрамат салығы болса 7,5 процент болады (ҳәзирги 12 процент орнына).
Орынларда жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы жасларды бийпул оқытып атырған оқыў орайлары ушын қосымша жеңилликлер белгиленди: олар жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи, коммуналлық қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи, оқытыўшылар ушын төленген дәрамат ҳәм социаллық салықлар кешбек түринде қайтарып бериледи.
Волонтёрлық жумысын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылды. Жаратылған ҳуқықый тийкарлар нәтийжесинде елимизде волонтёрлардың саны 5 есеге көбейип, экология, медицина, билимлендириў ҳәм айрықша жағдайларда жәрдем көрсетиў тараўларына тартылғанлар 100 мыңнан артқаны атап өтилди.
Волонтёрлық ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Қәўендерлик кеңеси, Жаслар ислери агентлиги жанында Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Қорға ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен 20 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден қосымша 3 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Бул қаржылар есабынан волонтёрлық жойбарларына 100 миллион сумға шекем грантлар бериледи ҳәм "социаллық белсендилик картасы" арқалы балл системасы енгизиледи.
Мәжилисте жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мәселелери де додаланды.
Жас шаңарақлар ушын ипотека бағдарламасы шеңберинде кредит процентиниң 14 проценттен жоқары бөлеги бюджет есабынан қаплап берилетуғыны атап өтилди.
Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў қоры арқалы ең қәбилетли жазыўшылардың дөретиўшилик буйыртпаларын бир жыл даўамында айына 20 миллион сумнан төлеп бериў, сондай-ақ, шет ел әдебиятының ең жақсы үлгилерин өзбек тилине ҳәм миллий әдебиятымызды шет тиллерине аўдарыў ҳәм басып шығарыў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў нәзерде тутылған.
Жаңа оқыў жылына шекем 100 ең жақсы шығармалар топламын таярлап, барлық мектеп ҳәм техникумларға жеткериў, ең белсенди китапқумар оқыўшыларды 10 миллион сумнан сыйлық пенен хошаметлеў ўазыйпасы қойылды.
Китапхана, китап кафеси ҳәм дүкан ашып, айына 10 мың китап сататуғын исбилерменлерге 3 жыл мүддетке 7 проценттен 1 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериў механизми енгизилген.
Жазаны өтеў мәкемелеринен қайтқан жасларды жедел социаллық бейимлестириўге қаратылған "Екинши имканият" жойбарының басланғаны мәлим етилди. Жойбар шеңберинде 8-12 айлық программаластырыў, веб-дизайн, компьютер инжиниринги, басқа да кәсиплер ҳәм шет тиллери бойынша интенсив курслар шөлкемлестирилип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақлы дәрамат алыўға жәрдемлесиледи.
Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сәўбетлести, олардың ҳәр қыйлы бағдарлардағы усыныс ҳәм басламаларын тыңлады. Илаж даўамында жуўапкер басшылардың есабатлары да тыңланды.