Мәжилис алдында өткен жылдың макроэкономикалық көрсеткишлери көрип шығылды. Мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними 7,7 процентке өсип, 147 миллиард доллардан артты. Экономикалық өсиўдиң ярымынан көби хызметлер үлесине туўра келди. Аўыл хожалығында бир гектардан орташа дәрамат 4,5 мың доллардан 5 мың долларға, мийнет өнимдарлығы болса 4,7 процентке артты.

Экономикаға алдынғы, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жоқары қосымша қунлы жойбарларды көбейтиў нәтийжесинде бир доллар қосымша қун жаратыў ушын кететуғын энергия қәрежети бир жылда 15 процентке азайған.

Президентимиз 2026-жылға мөлшерленген көрсеткишлерге тоқтап өтип, күтилип атырған 6,6 процент экономикалық өсиў пәтинде жалпы ишки өним көлемин 167 миллиард долларға жеткериў режеси ҳәзирги геосиясий жағдай ҳәм сыртқы экономикалық турақсызлықты есапқа алған ҳалда қәлиплестирилген консерватив прогнозға сүйенгенин атап өтти.

Сондай-ақ, ҳәр бир министр, ҳәким ҳәм тараў басшысы өз тараўында жаңа басқарыў усылларын енгизип, дәстүрий базарлар менен шекленбестен, ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлесе, жаңа экспорт бағдарларын ашса, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тараўындағы қәнигелерди тартып, инновацияларды енгизсе, жаслардың белсене қатнасыўында "стартап-клуб"лар шөлкемлестирилсе, экономикалық өсиўдиң және де жоқары пәтлерин тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар бар екени атап өтилди.

Мәжилисте стратегиялық кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәрежетлерди қысқартыў мәселелери де ҳәр тәреплеме додаланды.

Миллий инвестиция қорын басқарыўға тартылған «Franklin Templeton» компаниясының таллаўларына бола, корпоратив мәдениятты беккемлеў, логистиканы оптималластырыў, санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша еле иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. 19 стратегиялық кәрхана басшыларына сатып алыў, логистика, санластырыў ҳәм энергия нәтийжелилиги бағдарларында қатаң илажлар көрип, өзине түсер баҳаны 10-15 процентке азайтыў бойынша тапсырмалар берилди.

- Үнемлеў өндиристи қысқартыў есабынан емес, өним бирлигиниң өзине түсер баҳасын азайтыў арқалы болыўы керек, - деди Президент.

Сондай-ақ, стратегиялық кәрханаларды "Бирден-бир ғазна" мәлимлеме системасына киргизиў, сатып алыўларды риск-анализ тийкарында классификациялаў арқалы нәтийжесиз қәрежетлерди сапластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аймақлық санаатты раўажландырыўдағы кемшиликлер кескин сынға алынды. Үш жылда республика санааты 21 процентке өскен болса да, бир қатар районларда 10 процентке де жетпеген, айырым аймақларда кредит ресурслары ҳәм инвестициялардың көбейгени санаат тараўының раўажланыўына пропорционал тәсир көрсетпей атыр.

Ўәлаят ҳәкимлериниң орынбасарларына бир ай мүддетте 12 районда тиккелей барып, өндириси азайған кәрханалардың жумысын тиклеў ҳәм санааттың өсиўин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Республика санаатының өсиўин кеминде 8,5 процент дәрежеде тәмийинлеў бойынша аймақлық ҳәм ўәлаятлық режелерди тастыйықлаў, биринши шерек жуўмақлары бойынша анықланған машқалалар ҳәм олардың шешимлерин есапқа алған ҳалда басшылардың жумысына баҳа бериў бойынша қарар қабыл етилди.

Атап өтилгениндей, елимизде жылына 650 мың автомобиль ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 4 ири кәрхана жумыс алып бармақта. Усы жылы жергиликли 300 ден аслам кәрхана менен кооперация тийкарында және 763 деталь ислеп шығарыўды баслаў, автомобиллерди 510 мыңға жеткериў зәрүр. Халықтың талабын хошаметлеў мақсетинде автокредит ставкаларын азайтыў ҳәм көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Инвестицияларды тартыў ҳәм жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша жаңа басқарыў көзқараслары белгилеп алынды.

Усы жылы 50 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестицияларын тартыў режелестирилгени, жаңа жойбарлар, бәринен бурын, жоқары қосымша қунлы экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Министрлер ҳәм ҳәкимлерге 2026-жылғы инвестициялық бағдарламаға киргизилетуғын ҳәр бир жойбар бойынша базар, экспорт потенциалы, қосымша қун ҳәм жаратылатуғын жумыс орынларын баҳалаған ҳалда, ҳәр тәреплеме таллаў өткериў ўазыйпасы қойылды.

Енди инвестициялық жойбарлар менен ислесиўде тек ғана жойбарды иске қосыў емес, ал оны толық иске қосыў, жоқары қосымша қун жаратыў ҳәм өнимлердиң сыртқы базарларға шығыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатылады. Усы мақсетте "Бирден-бир миллий жойбар басқармасы" платформасы жаратылып, бағдарламаға киргизилген ҳәр бир жойбар иске қосылғаннан соң үш жыл даўамында қадағалап барылады.

Өткен жылы ҳәр қыйлы шөлкемлестириў машқалалары себепли 55 ири жойбар кешигип қалғаны атап өтилип, усы жылы улыўма баҳасы 165 миллиард долларлық 377 стратегиялық жойбарды айрықша қадағалаўға алыўға келисип алынды.

Сырт елге сапарлар даўамында 135 миллиард долларлық келисимлерге ерисилгени атап өтилди. Усы жылдың өзинде Түркия менен 9 миллиард долларлық, Пакистан менен 1,428 миллиард долларлық инвестициялық келисимлерге қол қойылды.

Инвестицияларды кеңейтиў есабынан қурылыс көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды. Жуўапкерлерге усы жылы қурылыс көлемин 400 триллион сумға жеткерип, тармақта кеминде 17 процент өсиўди тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди. Социаллық ҳәм санаат инфраструктурасына бюджеттен ажыратылған 40 триллион сум қурылыс, металлургия, электротехника кәрханалары ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы шөлкемлер ушын үлкен базар пайда етиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Соның менен бирге, аймақларда "Бирден-бир буйыртпашы хызмети" инжиниринг компаниялары үстинен қадағалаўды күшейтиў, Қарақалпақстан, Самарқанд ҳәм Ферғанада тәжирийбе тәризинде буйыртпашы хызметлерине жеке меншик секторды тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша да анық көрсетпелер берилди.

Киши ҳәм орта кәрханаларда жыллық энергия жумсалыўының жоқарылығын есапқа алып, жаңа энергия нәтийжелилиги системасын енгизиў ҳәм бул категориядағы кәрханалар ушын үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў бойынша қарар қабыл етилди. 2026-жылы киши ҳәм орта кәрханаларда 100 миллион куб метр газ ҳәм 500 миллион киловатт саат электрди үнемлеў илажларын көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, республикада 917 мың көше шырақлары жылына 330 миллион киловатт саат электр энергиясын пайдаланатуғыны, айырымлары күндиз де жағылып туратуғыны көрсетип өтилди. Шырақлар бағаналарына киши қуяш панеллери, аккумулятор ҳәм жақтыландырыў дәрежесине қарап өз бетинше жақтыландыратуғын ҳәм өширетуғын датчиклерди орнатыўды баслаў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли ислеп шығарыўшылардың үлесин арттырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, 300 триллион сумлық мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли өнимлердиң үлеси 68 процентке жеткен болса да, Алмалық кән-металлургия комбинаты, "Өзтрансгаз", "Миллий электр тармақлары", «Uzbekistan Airports» ҳәм «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийетлери системасында бул көрсеткиш 40 процентке де жетпейди.

Исбилерменлер, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлар, экспертиза ҳәм сертификатлаў процесслеринде бюрократиялық тәртип-қағыйдалар көп екенлигин, айырым басшылар елеге шекем "шет елдиң өними сапалы" деген ески пикирде екенин атап өтпекте.

Енди министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер жойбарлардың барлық басқышларында - сөйлесиў ҳәм тендерлерден баслап, қурылыс ҳәм шийки зат жеткерип бериўге шекем жергиликли өнимлердиң үлесин арттырыўға жеке жуўапкер болады.

Мәжилисте экономикалық өсиўди сыртқы базарлар есабынан тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз тек ғана ишки талаптың есабынан жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеў мүмкин емеслигин атап өтти. Министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң тийкарғы ўазыйпасы жаңа өнимлерди жаңа базарларға алып шығыўдан ибарат болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Өткен жылы експорт 22 процентке өсип, 24 миллиард долларға жеткен болса да, көпшилик басшылар елеге шекем ескише жумыс усылларынан ўаз кешпей атырғаны анық мысаллар менен көрсетип өтилди. Буннан былай экспортқа қойылатуғын талап тек ғана көлемге емес, ал жаңа өнимлер ҳәм жаңа базарларға байланыслы болады.

Ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, инфляция факторларын ерте анықлаў ҳәм әмелий шешимлер табыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Атап өтилгениндей, январь айында жыллық инфляция 7,2 процентти қураған болса, оның 45 проценти азық-аўқат өнимлерине, соның ишинде, 13 проценти гөш баҳасының өсиўине байланыслы болған.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Тармақ базарлары ҳәм өндиристе мийнет өнимдарлығын изертлеў орайына инфляцияның ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерин алдыннан анықлаў, район ҳәм қала базарларын ҳәр ҳәптеде таллап, талап прогнозын қәлиплестириў, ҳәр шеректе тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң балансын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Келеси ҳәптеден мүбәрек Рамазан айының басланыўы мүнәсибети менен ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтип, дийқан базарлары ҳәм ири саўда комплекслеринде арзанластырылған азық-аўқат өнимлериниң ярмаркаларын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша аўыл хожалығында да ўазыйпалар белгиленди.

Гөш импортына байланыслылықты азайтыў ушын азық-аўқат базасын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мысал ретинде, Мүбәрек районында 5 мың гектар жерди пайдаланыўға киргизип, жүўери егиў жумыслары басланғанын атап өтип, усы жылы және 60 мың гектарда усындай жумысларды шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Бул қосымша 350 мың бас қарамал ушын кепилликли азықлық базасын жаратыў имканиятын береди.

Өткен жылы 772 мың тонна картошка импорт етилгенин атап өтип, усы жылы 4,5 миллион тонна картошкадан зүрәәт алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Келеси ҳәптеден басланатуғын мүбәрек Рамазан айы алдынан дийқан базарлары ҳәм ири саўда комплекслеринде арзанластырылған азық-аўқат ярмаркаларын ашыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабаты тыңланды.