Uzbekistan Airports баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, январь-октябрь айларында жолаўшы ағымы 12 683 095 адамды қураған. Соннан 2 миллион 296 мың 612 жолаўшы ишки, 10 миллион 386 мың 483 жолаўшы болса халықаралық жөнелислерден пайдаланған. Улыўма, бул 2024-жылдың 10 айына салыстырғанда 14 процентке көп.

Усы дәўирде мәмлекетимиздиң халықаралық аэропортлары тәрепинен 105 мың 570 рейс, соның ишинде, 30 мың 341 ишки ҳәм 75 мың 229 халықаралық рейслерге хызмет көрсетилген. Улыўма рейслер санының өсиўи өткен жылға салыстырғанда 13 процентти қурады.

Буннан тысқары, 2025-жылдың 10 айында аэропортларда 78 мың 453 тонна жүк ҳәм почта өткен жылға салыстырғанда 12 процентке артқан.