Қарарға бола, 2030-жылға шекем Жаслар ислери агентлигиниң 20 мың жасты исбилерменликке оқытыўға қаратылған "Жаңа әўлад исбилерменлери" бағдарламасы иске қосылады ҳәм оған муўапық:

жергиликли ҳәм сырт елли экспертлер (консултантлар), сондай-ақ, жеке меншик сектор менен шәртнама тийкарында бирге ислесиў шөлкемлестириледи, "Жаңа әўлад исбилерменлери" бағдарламасы шеңберинде оқыў ушын жаслар таңлап алынады;

бағдарлама шеңберинде бизнес жойбарын ислеп шығыў, сатыўға шығыў ҳәм базарды кеңейтиў сыяқлы бағдарларды қамтып алған исбилерменлик тийкарлары бойынша билим бериледи;

жойбар нәтийжелери бойынша жаслардың билими сынақтан өткерилип, унамлы өзлестириў көрсеткишлерине ерискен ең жақсы 1 мың жасқа Жаслар ислери агентлигиниң сертификаты бериледи;

сертификаты бар жасларға 3 жылға шекем 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 50 проценти муғдарындағы процент ставкасында БЕМның 500 есесине шекемги муғдарда кредит ажыратылады.

2026-жыл 1-августтан баслап районлық фермерлер кеңеслери жанындағы Фермер хожалықларында бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў орайлары 2 жыл даўамында жаңадан шөлкемлестирилип атырған, басшылары жаслар болған фермер хожалықларына ағзалық төлемин төлеўден, пахта ҳәм ғәлле жетистириўден бийғәрез бийпул хызмет көрсетеди.

2026-жыл 1-июльден баслап жаслар тәрепинен шөлкемлестирилген исбилерменлерди инженерлик-коммуникация тармақларына (электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм канализация тармағы) жалғаў менен байланыслы мәмлекетлик хызметлер ушын қәрежетлердиң БЕМниң 10 есесинен көп болмаған бөлеги қаплап бериледи.