Президентимиз Самарқандта болып өткен сөйлесиўлерде бир қатар әҳмийетли, соның ишинде, халықаралық мәселелер бойынша көзқарасларды муўапықластырыў ушын Сыртқы ислер министрликлери дәрежесинде турақлы сөйлесиўлерди даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, терроризм, экстремизм, радикализм, нәшебентлик затлар саўдасы ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде көп тәреплеме шериклик ҳәм арнаўлы хызметлердиң мәлимлеме алмасыў механизмлерин жолға қойыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы Италия исбилермен топарларының инновациялық раўажланыў бағдарындағы потенциалын есапқа алып, мәмлекетлеримиз саўда-санаат палаталарының қәўендерлигинде бизнес ушын турақлы майдан - Орайлық Азия - Италия исбилерменлер клубын шөлкемлестириў басламасын билдирди. Исбилерменлердиң қатнасыўындағы бундай ушырасыўлар ҳәр жылы регион мәмлекетлери ҳәм Италия пайтахтында өткерилетуғынына келисип алынды.

Технологиялар трансфери, алдынғы билим ҳәм тәжирийбелерди енгизиў, жоқары технологиялы санаат өндирислерин шөлкемлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратыўды нәзерде тутатуғын көп тәреплеме Санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Минерал ресурслар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў, электротехника, химия, тоқымашылық, былғары, азық-аўқат ҳәм басқа да қайта ислеў тармақлары ушын заманагөй үскенелер ислеп шығарыў, комплектлеўши бөлеклер ҳәм санаат өнимлерин локализациялаў, Италияның жетекши брендлериниң қатнасыўында дизайн орайларын шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары болатуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, Италияның SАCЕ ҳәм SIMEST мәмлекетлик агентликлери және қоспа инвестициялық фондларды бирге ислесиў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға тартыў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Буннан тысқары, "жасыл" трансформация тараўында Италия менен нәтийжели бирге ислесиў жоқары баҳаланып, углерод шығындыларын азайтыў бойынша миллий бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын көп тәреплеме платформаны жолға қойыў арқалы кең көлемли шерикликти раўажландырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўинде жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў да күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер қатарынан орын алды. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы Ташкенттеги Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары нәтийжели жумыс алып барып атырғанын атап өтип, Италияның басқа да жетекши жоқары оқыў орынларының регионға қызығыўшылығы артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Президентимиз инженерлик, дизайн, суўды үнемлеў ҳәм биотехнологиялар сыяқлы бағдарларда илимий қолланбалар, академиялық алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын әмелге асырыў және қаржыландырыў ушын Орайлық Азия - Италия илимий-билимлендириў консорциумын шөлкемлестириў басламасын алға қойғаны, әсиресе, айрықша әҳмийетке ийе болды.

Халықаралық бирге ислесиў кеңеймекте

Өзбекстанның сыртқы сиясаты ашық-айдынлық, өз-ара пайдалы ҳәм конструктивлик бирге ислесиўге тийкарланған, халықаралық майдандағы орнын беккемлеў ҳәм алдынғы технологияларды тартыўға қаратылған. Жоқары билимлендириўде халықаралық байланысларды кеңейтиў болса илимий нәтийжелиликти арттырыў ҳәм глобал стандартларға бейимлесиў ушын әҳмийетли қурал болып есапланады.

2024-жыл 25-27-сентябрь күнлери биринши мәрте өткерилген Өзбекстан-Италия билимлендириў форумы бул бағдардағы ҳәрекетлердиң айқын үлгисине айланды. Форумда жергиликли ҳәм италиялы қәнигелер заманагөй билимлендириў көзқараслары, санлы билимлендириў, қоспа бағдарламалар, илимий излениўлер ҳәм академиялық мобиллик мәселелерин додалады. Жуўмағында еки тәреплеме 30 келисим ҳәм меморандумға қол қойылды, бул болса узақ мүддетли бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратты.

Италия - стратегиялық шерик сыпатында

Италия Бас министриниң мәмлекетимизге сапары Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы стратегиялық шерикликти жаңа басқышқа алып шығады. Сонлықтан, Италия Өзбекстанды региондағы исенимли сиясий шерик ҳәм Орайлық Азия базарына кириў есиги сыпатында көреди. Сапар ўақтында еки мәмлекет арасында стратегиялық шерикликти беккемлеўши биргеликтеги декларацияға қол қойылды. Онда инвестиция, шийки зат, миграция, билимлендириў ҳәм саўда тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў нәзерде тутылған.

Билимлендириў тараўында әҳмийетли қәдем сыпатында Тушиа университетиниң филиалын Өзбекстанда ашыў режелестирилди. Сондай-ақ, Пиза, Тренто, Рома Тре ҳәм Ка-Фоскари сыяқлы абырайлы университетлер менен қоспа диплом бағдарламаларын жолға қойыў мәселелери додаланды. Буннан тысқары, Перужа университети ҳәм Италия Миллий изертлеў орайы менен де тиккелей бирге ислесиў ҳүжжетлерине қол қойылды.

Форум шеңберинде Турин политехника университети жанында шөлкемлестирилген Италия - Өзбекстан алдыңғы инженерлик орайы салтанатлы түрде ашылды. Бул орай механикалық инженерлик, тоқымашылық, былғары ҳәм аяқ кийим санаатында алдынғы итальян технологияларын енгизиў және өзбек қәнигелерин таярлаўға хызмет етеди. Бул баслама Италия кәрханалары, әсиресе, киши ҳәм орта бизнес субъектлерин Өзбекстанның санаатты модернизациялаў, атап айтқанда, "жасыл" энергетика ҳәм турақлы өндирис сыяқлы бағдарларға тартыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Самарқандта Рим көшесиниң ашылыўы еки халық арасындағы тарийхый-мәдений байланыслар, жоқары дәрежедеги бирге ислесиў ҳәм өз-ара ҳүрметтиң рәмзий белгиси болып есапланады.

Сапар даўамында қол қойылған ҳүжжетлер билимлендириў тараўындағы байланысларды және де тереңлестириў имканиятын береди. Бул болса өзбекстанлы студентлердиң Италия университетлеринде сапалы билим алыў имканиятын кеңейтеди. Қоспа бағдарламалар, илимий излениўлер ҳәм Италия - Өзбекстан алдыңғы инженерлик орайы сыяқлы қәнигелестирилген мәкемелер арқалы техникалық ҳәм инженерлик тараўларында билим алмасыў күшейеди. Бул болса мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўы ҳәм технологиялық раўажланыўы ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

Бул бирге ислесиў арқалы билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлаў бағдарламаларымызды мийнет базарының талапларына бейимлестириў имканиятымыз және де кеңейеди. Бул болса инсан капиталын раўажландырыў ҳәм ҳәр бир пуқараға өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараят жаратыўды нәзерде тутатуғын "Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы мақсетлерине толық сәйкес келеди. 30-май күни Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия - Италия саммити болса бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.


Аъзамжон ТЎЛАБОЕВ,

техника илимлериниң докторы, доцент