Бул базар нызамлылықларын сәўлелендиретуғын әйне ҳақ сөз. Өйткени, талап ҳәм усыныс үнлеслиги көп жағынан экономикалық абаданлықты тәмийинлейтуғын, оның турақлы өсиўине хызмет ететуғын тийкарғы барометр болып есапланады. Айтайық, бир өнимниң жетиспеўшилиги себепли базарда оған талап артып кетиўи өз-өзинен баҳалардың да көтерилиўине, керисинше болса, баҳасының түсиўине алып келеди.

Базар экономикасына тийкарланған бүгинги дүнья экономикасында баҳа әйне қарыйдар ҳәм сатыўшы ушырасатуғын жерде - базарда, санлы саўда платформаларында, биржаларда қәлиплеседи. Заманагөй экономика модели теориялық жақтан да, әмелиятта да жанлы механизмге тийкарланған. Бирақ бүгин тәбийий ресурслардың үзликсиз азайып, халықтың санының көбейип барыўы ең раўажланған мәмлекетлерди де өз ишки тутыныў базарын сыртқы жетиспеўшиликлерден қорғаўға мәжбүр етпекте. Мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм мақсетлеринен бири өз халқының турмыс тәризин жақсылаў, мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын жетерли шараят жаратыў болып табылады. Әсиресе, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли бағдар есапланады.

Соның менен бирге, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси бүгин ҳәр бир мәмлекеттиң социаллық-экономикалық сиясатында тийкарғы орынлардан бирине көтерилди. Себеби халықтың абадан жасаўы көп жағынан базарлардың молшылығына байланыслы.

Өзбекстанда да азық-аўқат қәўипсизлигине айрықша итибар берилмекте. Усы жыл 3-февральда мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўшы "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызамға қол қойды. Бул ҳүжжет арқалы базарды тәртипке салыўшы ўәкилликли уйым ҳәм оның ўазыйпалары, тәмийнат шынжыры, тутыныўшы ҳәм ислеп шығарыўшы арасындағы қатнасықлар тәртипке салынды.

Соңғы жыллары халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында комплексли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, халықтың күнделикли зәрүрлиги ушын зәрүр өнимлерди жетистириўши исбилерменлик субъектлериниң жумысы қоллап-қуўатланбақта. Оларға мәмлекет тәрепинен жеңилликлер берилмекте және экспорт ҳәм импорт ушын қолайлы шараят жаратылмақта.

Өзбекстан өзиниң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бирге мийўе-овош ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жедел экспорт етиўи себепли сыртқы базарларда да өз орнына ийе.

Усы жерде дүньядағы азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарындағы улыўма көринисти көз алдымызға келтириў ушын БМШ жәриялаған ашық статистикалық мағлыўматларға итибар қаратсак. Бул абырайлы халықаралық шөлкемниң мағлыўматларына бола, ҳәзир дүнья халқының 815 миллионы аш болып атырған болса, 2050-жылға барып, бул көрсеткиш 2 миллиард адамға жетеди. Олардың 12,9 проценти раўажланып атырған мәмлекетлерде жасайды. Бес жасқа шекемги балалар арасындағы өлимшиликтиң 45 проценти әйне тойып аўқатланбаў ақыбетинде келип шықпақта. Ҳәзир ҳәр жылы 3,1 бала әйне усы себептен қайтыс болмақта.

Аўыл хожалығы дүньядағы ең үлкен жумыс бериўши тараў. Бүгин Жер жүзи халқының 40 проценти әйне усы тармақта мийнет етеди. Бул кәмбағал аймақлардағы шаңарақлар ушын дәрамат келтириўши ҳәм бәнтликти тәмийинлеўши тийкарғы дәрек. Солай екен, бул тараўға инвестиция киргизиў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бир қатарда жергиликли ҳәм сыртқы базарларға өним жеткерип бериў бойынша мәмлекеттиң имканиятларын арттырыў мүмкин.

Жақында БМШ тәрепинен азық-аўқат өнимлериниң ысырапгершилигине қарсы гүресиў бойынша глобал кампания жәрияланды. Бул да әйне азық-аўқат қәўипсизлигине хызмет етеди. Бул структураның Қоршаған орталық бойынша шөлкеми (ЮНЕП) мағлыўматларына бола, ҳәр жылы дүнья жүзи бойынша 1,3 миллиард тонна азық-аўқат өними шығындыға тасланады. Азық-аўқатлардың бундай ысырап етилиўи сыяқлы логикасыз жағдайды сапластырыў ушын, биринши гезекте, оларды сақлаў шараятын өзгертиў усыныс етилмекте.

Дүньядағы азық-аўқат өнимлериниң үштен бир бөлеги шығынды ыдысларында жатады. Жәҳән экономикасы буннан ҳәр жылы дерлик триллион доллар зыян көрмекте. Бул гәплер БМШ есабатында келтирилген анық санлар.

Өзбекстанда да БМШтың жоқарыдағы басламасына үнлес ҳалда "Ақылға уғрас тутыныў" (Save food) бағдарламасы иске қосылды. Бул кең көлемли акцияға Министрлер Кабинетиниң 16-сентябрьдеги тийисли қарары тийкарында старт берилди. Енди бул бағдарлама шеңберинде тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер белгиленген тәртипте өткерилиўи қатаң қадағалаўға алынады.

Ҳүжжетке бола, 2026-2030-жыллар "Әҳмийетли азық-аўқат қәўипсизлиги дәўири" деп жәрияланады. Онда халықтың талабына жетерли дәрежеде ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў және артықша ысырапгершиликлердиң алдын алыў илажлары көриледи.

Қарар менен "Ақылға уғрас тутыныў" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланды. Онда, соның ишинде, тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат кеңеслериниң 2019-жыл 14-сентябрьдеги қоспа қарары менен тастыйықланған Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў ҳаққындағы реже талаплары тийкарында өткерилиўи тәмийинленеди.

Режеде шаңарақлық илажларда 200 ге шекем, усы илажлар мүнәсибети менен ас бериў мәресиминде 250 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин екенлиги белгиленген. Келин тойларда да 250 ге шекем, оның менен байланыслы ас бериў мәресиминде болса 300 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин.

Миллий дәстүрлерге жат, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы болған ҳәр қыйлы шоулар, артықша ўақыт ҳәм қәрежет талап ететуғын шаңарақлық илажлардан алдын, илаж даўамында ҳәм оннан кейинги қосымша мәресимлерди өткериў қадаған етилген.

Соңғы үш жыллық таллаўға бола, мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлериниң сапасын ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға қатнас пүткиллей өзгерген. Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырылған.

Өзбекстанда аўыл хожалығы экономиканың жетекши тармағы есапланады. Онда мийнетке жарамлы халықтың үлкен бөлеги ислейди. ЖИӨде тармақтың үлеси 32 процентке тең болса, тараўда пайдаланылатуғын жер майданлары республика аймағының 45 процентин ийелейди. Ҳәзирги ўақытта 180 нен аслам түрдеги аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери 100 ге шамалас мәмлекетке экспорт етилмекте.

Соған қарамастан, елимиз халқы жылына дерлик 1 миллионға өсип бармақта. Жер ҳәм суў дәреклери болса шекленген. Сонлықтан, ишки базар турақлылығын исбилерменлик ҳәм өнимдарлық арқалы тәмийинлеў бүгинги күнниң тийкарғы талабына айланбақта.

Енди халыққа зәрүр болған бирлемши 10 түрдеги тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң системалы есап-санағы жүргизилмекте. Онда ҳәр бир район бойынша қандай өним жетистирилиўи ҳәм ишки базар ушын қанша резерв болыўы анық таллаўлар тийкарында белгиленеди.

Президентимиздиң басламасы менен 260 мың гектар жер дийқаншылық етиў ушын 800 мың адамға бөлип берилген еди. Сондай-ақ, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында қыйтақ жерлерде өним жетистириў қоллап-қуўатланбақта. Бул адамларды, әсиресе, жасларды жумыс орны ҳәм дәрамат пенен тәмийинлеўде дурыс жол болғанын бүгин турмыстың өзи көрсетпекте. Қалаберди, бул аўыл хожалығы өнимлериниң көп жетистирилип, баҳаның кескин артып кетпеўинде әҳмиетли фактор болды.

Елимизде тутыныў мәдениятын арттырыў, ысырапгершиликлердиң алдын алыў мақсетинде "Ақылға уғрас тутыныў" бағдарламасының иске қосылғаны өз ўақтында қабыл етилген әҳмийетли қарар болды. Халқымыздың абадан ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде бул оғада әҳмийетли турмыслық мәселе болып есапланады. Ҳақыйқатында да аўыл хожалығындағы реформалардан тийкарғы мақсет экономикалық пайда көриў менен бирге, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат.

Юнус БУРОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы