Өзбекстан елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия саўда министриниң орынбасары Мустафа Тузджу менен ушырасыў өткерди. Онда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлардың дизимин кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Автомобиль жолларын қурыў ҳәм эксплуатациялаўды шөлкемлестириў бойынша алдынғы сырт ел көзқарасларын үйрениў мақсетинде Транспорт министри Илҳом Маҳкамов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Түркия Республикасында болып тур.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев 2-декабрь күни Түркияның «Türk Telekom» телекоммуникация компаниясының бас директоры Эбубакир Шахин менен ушырасыў өткерди.
Түркия пайтахтында Түркия палаталары ҳәм товар биржалары аўқамы тәрепинен дәстүрий түрде шөлкемлестирилетуғын "Ҳаял-қызлар исбилерменлигиниң күши" жыллық таңлаўы болып өтти.
Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Түркияда болып, бир қатар әҳмийетли ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Түркия Республикасының Стамбул қаласына әмелий сапары шеңберинде Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров «Heyal Holding» компаниясының тийкарын салыўшысы Ваҳдеттин Хейал ҳәм компанияның жетекши архитекторлары менен ушырасты.
17-19-октябрь күнлери Түркияның Стамбул қаласында «Zero Waste Foundation» халықаралық қоры тәрепинен шөлкемлестирилген «Zero Waste» форумы болып өтпекте.
Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары жәрдеминде "Өзтоқымашылықсанаат" ҳәм "Өзбылғарысанаат" ассоциациялары, "Бухара", "Наманган", "Қоқанд" ҳәм "Косан" санаат зоналары ўәкиллеринен ибарат делегациялар Түркияның бир қатар қалаларында болды.
"Өзбекстан мәденияты, тилеклеслиги ҳәм бирге ислесиў жәмийетиниң баслығы, тарийхый ўатанласымыз Чокай Кочар Түркиядағы Өзбекстан мәденияты елшиси етип тайынланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.