Өзбекстан Республикасы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен мийнет дәптершеси жойтылып қалғанда ямаса анық емес жазыўлар болғанда мийнет стажын тастыйықлаў тәртиби түсиндирилди.
Усы жылдың 1-июльинен баслап майыплығы болған пуқаралар ушын пенсияларды "проактив қайта есаплаў" системасы енгизилди. Яғный, I ҳәм II топар майыплығы бойынша пенсия тайынланғанынан кейин пуқарада кеминде бир жыл мийнет стажы жыйналған болса, ҳәр 2 жылда пенсия автоматикалық тәризде қайта есапланады.
Өзбекстанда балалықтан майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған аналар бир қатар социаллық жеңилликлерге, соның ишинде, мүддетинен алдын пенсияға шығыў ҳуқықына ийе.
Бюджеттен тысқары Пенсия қорында пуқараның жәрдемге мүтәж туўысқанларын бағыў ушын жумыс ислемейтуғын дәўирин мийнет стажына қосыў тәртиби түсиндирилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 10.10.2025-жылдағы 637-санлы қарары менен Жеңиллетилген пенсияға шығыў ҳуқықын бериўши тараўлар, мәкемелер, жумыслар, кәсиплер, лаўазымлар ҳәм көрсеткишлер дизими және усы дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Усы жылдың октябрь айынан баслап аймақларда пенсияларды нақ пулда төлеў бойынша жаңа тәртип басланды. Енди процесс пуқараларды биометрикалық идентификациялаў (Face-ID), сондай-ақ, оны алыўшының электрон имзасы менен мәжбүрий тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады.
Қырғызстан ҳәм Өзбекстан пенсия жасы ушын жетерли болған бирден-бир мийнет стажын тән алыўға келисип алды.
Өзбекстанның 2026-2028-жылларға мөлшерленген жаңа фискал стратегиясына бола, бюджет тараўы хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсия ҳәм социаллық напақалардың жыллық индекслениўи инфляция дәрежесинен жоқары болады.
Өзбекстанда пенсия ҳәм ғазна хызметлери санластырылып атырғаны себепли төменги буўынлардағы шөлкемлердиң жумысы басқышпа-басқыш сапластырылады.
2024-жылы Өзбекстан Республикасында пенсия алыўшылардың улыўма саны 4,2 млн. адамды қураған.