2025-жыл 14-декабрьден баслап "Ташкент - Қазан - Ташкент" жөнелиси бойынша 315/316-санлы жолаўшы поезды ҳәптесине бир мәрте қатнайды.
"АгроЭкспресс" "Орайлық Азия - Россия" жөнелисинде тасыўды шөлкемлестириў мәселелери бойынша "Өзбекстан темир жоллары" АЖда "Евроазия Агрологистика" компаниясының бас директоры Алевтина Кирилова менен ушырасыўы болып өтти.
"Ўзтемирйўлконтейнер" акционерлик жәмийети "Ташкент - Алтынкөл" (Қазақстан) жөнелиси бойынша биринши контейнер поездын өз вагонлары арқалы жибериўди әмелге асырды.
Тезлигине шеклеўлер орнатылған поездлар ҳәрекет кестесинде белгиленген ўақыттан кеш мәнзилге жетип барыўы мүмкин.
Бул қатнаўлар 5, 6, 7 ҳәм 8-июнь күнлери әмелге асырылады.
9-май "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" мүнәсибети менен жолаўшылардың талаплары артқанын есапқа алған ҳалда Ташкент ҳәм Самарқанд қалалары арасында қосымша поезд қатнаўлары жолға қойылмақта.
Усы жылдың 24-27-апрель күнлери Самарқанд - Ташкент - Самарқанд жөнелисинде қосымша "Афросиёб" электропоезды қатнаўлары әмелге асырылады.
"Өзбекстан темир жоллары" АЖ ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен Ташкент ҳәм Әндижан қалалары арасында қосымша темир жол қатнаўы шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятының экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыў, "Ургут" еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың экспорт ҳәм импорт операцияларын әмелге асырыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде Ургут районына темир жол тармағын тартыў басламасын алға қойған еди.
Усы жылдың 28-февраль сәнесинен баслап ҳәптеде 2 мәрте дүйшемби ҳәм жума күнлери "Нөкис-Бейнеў-Нөкис" жөнелиси бойынша 651/652-санлы жаңа Халықаралық жолаўшы поезды қатнаўы әмелге асырылады.