Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Депутатлар интеллектуаллық мүлкти қорғаўды буннан былай да күшейтиўге қаратылған нызам жойбарын биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығып, қабыл етти.
Интеллектуаллық мүлк объектлерине байланыслы мүлклик ҳуқықларды бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.