30-июль – мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни сыпатында белгиленеди. Усы сәне мүнәсибети менен Беруний районында «Өзбекстан бирден-бир Ўатан!» атамасында байрам илажлары шөлкемлестирилди.
Дослық ҳәм татыўлық үлкеси есапланған мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, өз-ара аўызбиршиликте жасамақта.
Бүгин елимизде жүзден аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери өз-ара аўызбиршиликте тыныш-татыў, абадан турмыста жасамақта. Ҳәзирги ўақытта республикамызда рус, украин, қазақ, түркмен ҳәм корейс миллий-мәдений орайлары өз жумысларын алып бармақта.