Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен мәлим
етилиўинше, арза Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz Бирден-бир
интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бериледи.
Студентлерди жатақханаларға жайластырыў орын муғдарын есапқа алған ҳалда
белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Әҳмийетли тәрепи: әмелдеги тәртипке бола, биринши гезекте жатақхана
орынлары тийисли жеңиллик ҳәм үстинликке ийе болған студентлерге бериледи.
Қалған орынлар улыўма дизимге киргизилген студентлер арасында избе-излик
тәртибинде бөлистириледи.
Онда, 1-курс студентлери ушын студентлер турақ жайларында 55-65 процент
орынлар ажыратылыўы нәзерде тутылады.