Жылына еки мәрте өткерилип атырған жойбарды ўатанласларымыз ҳәр сапары үлкен қызығыўшылық ҳәм таярлық пенен күтеди. Себеби жеңимпаз бола алмаған басламалар ушын кейинги мәўсим және бир имканият дегени.
Кеше, 15-июль күни "Басламалы бюджет"тиң 2026-жылдағы 2-мәўсими басланды. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматларына бола, бул "Басламалы бюджет" енгизилгеннен берли өткерилип атырған он биринши мәўсим. Әдеттегидей, процесс бир неше басқышта даўам етип, соңында жеңимпаз жойбарлар таңлап алынады ҳәм мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады.
Дәслепки басқыш жойбар киргизиў процеси болып, ўатанласларымыз 3-августқа шекем “Openbudget.uz” порталы арқалы жойбарларын алға қойыўы мүмкин. Порталға киргизилген жойбарлар 4-18-август күнлери даўамында таңлап алынады. 19-21-август күнлери үгит-нәсият, 22-31-августта болса даўыс бериў басқышы болып өтеди. Буннан соң барлық даўыслар жыйналып, жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша жеңимпаз жойбарлар усы жылдың 1-сентябрь - Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы күни жәрияланады.
Жойбардың қосымша жеңимпазларының дизими болса 1 - 10-сентябрь күнлери анықланады.
Ҳәммеде имканият бар
Демек, кейинги бир ярым ай даўамында көплеген ўатанласларымыз "Басламалы бюджет"тиң белсенди қатнасыўшысына айланады. Жойбар старт алыўы менен көпшилик өзлери алға қойып атырған социаллық машқала бойынша "Ашық бюджет" порталы арқалы усынысларын қалдырыўды баслап жиберди. Олардың арасында алдынғы мәўсимлерде жеңимпаз бола алмаған жойбарлар да, жаңа басламалар да болады. Тийкарғысы, барлық қатнасыўшыларда жеңимпаз болыў имканияты бар.
Жерлеслеримиз жойбардағы ашық-айдынлыққа исенгенлиги ушын да қатнасыўшылардың саны ҳәр мәўсимде артып бармақта. Онда пуқаралар тәрепинен белгили бир усыныс алға қойылатуғын болса, жәмийетшиликке ашық усынылады. Жойбарға халық тәрепинен даўыс бериледи. Жеңимпаз жойбарларды болса мәмлекет қаржыландырады. Яғный адамлар өз аймағындағы социаллық машқалаларды жойбар тәризинде алға қойып, өз даўыслары арқалы олардың шешимине биргеликте ериспекте. Қалаберди, халық усы тәризде мәмлекетлик бюджеттиң жумсалыўында тиккелей қатнаспақта.
Жойбар адамларды тек ғана бир мақсет әтирапында бирлестирип қоймастан, ал социаллық байланыслылық, жуўапкершилик сезимин де арттырмақта. Бүгин елимиз мәҳәллесиндеги жол жаманлығы, мектеп оңлаўға мүтәжлиги, дем алыў бағының жоқ екенлигине бийпәрўа емес. Керисинше, ең киши машқалаға да итибар қаратып, "Басламалы бюджет"ке киргизип атыр. Себеби жетерли даўыс топланса, қәлеген жойбар жеңимпаз болыўы мүмкин. Гейде болса аз даўыс пенен нәтийжеге ерисиў мүмкин. Мәселен, өткен мәўсимде ең кем - 58 даўыс пенен Мойнақ районынан киргизилген, көше шырақларын орнатыў бойынша баслама жеңимпазлар қатарынан орын алған еди.
Тийкарғысы, ҳәр бир жеңимпаз жойбар қысқа ўақытларда қаржыландырылып, турмысқа жедел енгизилмекте. Усы күнге шекем қайырлы жойбардың нәтийжесинде аймақлардағы мыңлаған социаллық мәселелер өз шешимин таўып, қаншадан-қанша жоллар асфальтланды, социаллық тараў объектлери қайта оңланды, орынларға ишимлик суў, электр энергиясы жетип барды. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар аймақлар бойлап жедел даўам етпекте.
Өткен мәўсимде жеңимпаз болған Жиззақ ўәлаяты Миришкор районындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектеби аймағында жасалма қапламалы заманагөй футбол майданы пайдаланыўға тапсырылды. Жойбарды әмелге асырыў ушын 1,3 миллиард сум ажыратылған. Белгиленген мүддетте өлшеми 25х42 метр болған жаңа футбол майданы қурылды. Енди онда тек ғана мектеп оқыўшылары емес, ал район жаслары да бос ўақтын мазмунлы өткерип, сүйикли спорт түрлери менен шуғылланыўы мүмкин.
Ташкент ўәлаятының Оҳангарон қаласында болса заманагөй Жаслар орайы ашылды. Жаңа орайдың қурылысы ушын аймақ халқы "Басламалы бюджет"тиң өткен мәўсиминде белсендилик көрсетип, жойбардың жеңимпаз болыўына ҳәм тийисли қаржы ажыратылыўына ерискен еди. Арадан қысқа ўақыт өтип болса биргеликте орайдың салтанатлы ашылыўын белгиледи.
Орайда заманагөй китапхана, IT саўатлылық ҳәм санлы технологиялар бойынша оқыў ханалары, мәдений-ағартыўшылық илажлар, ушырасыў ҳәм ҳәр қыйлы жойбарларды өткериў ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Бул жерде жаслар билим алыў менен бирге, бос ўақтын мазмунлы өткериўи мүмкин. Енди Оҳангарон қаласында да аймақ жасларын бирлестиретуғын заманагөй орай бар.
"Басламалы бюджет"тиң басқа да жеңимпаз жойбарларында да жумыслар қызғын бармақта. Мәселен, Әндижан ўәлаяты Пахтаобод районы Тынышлық мәҳәллеси ишки көшелеринде ҳәзирги ўақытта 4 километр асфальт қапламасы төселип атыр. Бухара ўәлаяты Қоровулбозор районындағы қәнигелестирилген мектепте болса ири оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте. Жойбарды әмелге асырыў ушын 1,5 миллиард сум ажыратылған. Буның есабынан мәкемениң ишки ҳәм сыртқы дийўалларын оңлаў, класс ханаларының есиклерин, төбе шиферы қапламасын жаңалаў, спорт залының ысытыў батареяларының санын көбейтиў, сондай-ақ, жолларды оңлаў жумыслары орынланбақта.
Процесслер турақлы қадағалаўда. Себеби, "Басламалы бюджет"те жойбарлар тек қана жеңимпаз табылып, қаржылар мақсетсиз берилмейди. Ҳәр бир жойбардың өз ўақтында әмелге асырылыўы, қаржының дурыс жумсалыўы тийисли мәмлекетлик уйымлар, қалаберди, жойбар интакерлери тәрепинен қадағалап барылады.
Депутатлар бир ямаса бир неше жойбарды таңлаўы мүмкин
"Басламалы бюджет"тиң тәртип-қағыйдалары бар. Өткен мәўсимде болса олардың қатарына бир неше жаңалары қосылды. Мәселен, усыныс киргизиў басқышында жойбар түри ҳәм белгиленген баҳа шеклерин есапқа алыў әҳмийетли. Тәртипке бола, қурылыс ҳәм оңлаў жойбарлары 1 миллиард 648 миллион сумға шекем, үскенелеў жойбарлары болса 824 миллион сумға шекемги баҳадан артпаўы керек.
Өткен мәўсимнен басланған жаңалықлардан және бири жойбарларды шериклик тийкарында биргеликте қаржыландырыў имканияты ҳәм бундай жойбарлардың даўыс жыйнаўсыз жеңимпаз болыўы менен байланыслы. Басламашылар 2-мәўсим шеңберинде шериклик тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарларды да 3-августқа шекем усыныўы мүмкин.
- Онда халық тәрепинен жойбар баҳасының 50 процент бөлеги қаржыландырылған жағдайда жойбарлар автоматикалық түрде жеңимпаз деп табылады ҳәм қалған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаржыландырылады, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлиги бөлим баслығы Азимжон Ҳасанов. - Тәртипке бола, ҳәр бир мәҳәллеге бир мәўсимде тек ғана бир жойбарды шериклик тийкарында әмелге асырыўға рухсат бериледи. Жойбар баҳасының 50 процентине тең қаржыны жыйнай алмаған шериклик жойбарлары шетлетилмейди, оларға қайта имканият сыпатында дәстүрий даўыс бериў басқышына өткериледи. Бирақ шериклик жойбарлары тек ғана жәмәәтлик пайдаланыўға мөлшерленген инфраструктура объектлерине тийисли болыўы керек, бюджет шөлкемлерине тийисли жойбарларды шериклик тийкарында қаржыландырыўға болса руқсат етилмейди. Жойбарларды бул тәризде киргизиў толық ықтыярлы болып, олар ушын даўыс жыйнаў талап етилмейтуғыны менен басқа басламалардан ажыралып турады.
Процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, бир мәҳәлле ямаса аймақ ҳәр сапары жеңимпаз болыўының алдын алыў мақсетинде болса және бир механизм енгизилген. Яғный "Басламалы бюджет" шеңберинде избе-из еки мәўсимде жеңимпаз болған мәҳәллелер ушын гезектеги еки мәўсимде жойбар киргизиўди шеклеў әмелияты қолланылмақта. Соған бола, 2026-жыл 2-мәўсимде жойбар киргизиў имканияты шекленген мәҳәллелердиң дизими қәлиплестирилип, тийисли платформаға жайластырылды. Бирақ тәнеписке түскен мәҳәллелер де шериклик тийкарында жойбарларды алға қойыў имканиятына ийе.
Жойбар шеңберинде көп даўыс топлаған, бирақ жеңимпаз болмаған усынысларды депутатлардың басламасы тийкарында қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаў да мүмкин. Өткен мәўсимде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларына тийисли округтеги жеңимпаз бола алмаған биреўден жойбарды қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаў имканияты берилген еди. Бул рет болса бул әмелият және де жетилистирилди.
Гәп сонда, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 29-июньдеги тийисли қарары менен "Басламалы бюджет"тиң 2026-жыл 2-мәўсиминен баслап депутатларға ажыратылған қаржы шеңберинде бир ямаса бир неше жойбарды таңлаў имканияты бериледи. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, бул процессте ўәкиллиги мүддетинен алдын сапластырылған депутатлардың орнына ўақтынша депутатларды бириктириў әмелияты да жолға қойылады.
Булардың барлығы "Басламалы бюджет" шеңберинде ажыратылған қаржылардан және де нәтийжели пайдаланыў, жергиликли машқалаларды шешиўге қаратылған жойбарлардың қамтып алыныўын кеңейтиў ҳәм жеңимпаз жойбарлардың санын арттырыўға хызмет етеди. Бул ҳәрекетлер арқалы улыўма миллий жойбарды халыққа және де жақынластырыў, кеңнен ғалаба ен жайдырыў, социаллық машқалаларды шешиўде пуқаралардың басламасы ҳәм қатнасын арттырыў сыяқлы ийгиликли мақсетлер гөзленген.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы