Жоқары дәраматлы мәмлекетлерде олардың бес жыллық жасаў дәрежеси 80 проценттен зыят. Бирақ төмен ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлерде бул көрсеткиш, тилекке қарсы, 20-30 процентке тең.

Әлбетте, бул глобаллық машқаланы шешиў бойынша системалы илажлар көрилмекте. Президентимиздиң 2025-жыл 19-майдағы "2025-2030-жылларда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары әне усы мақсетте қабыл етилген.

Қарар орынланыўы шеңберинде Онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерге шатылған балалар ҳәм жас өспиримлерге медициналық жәрдем көрсетиў бойынша 2035-жылға шекем мөлшерленген Миллий реже ислеп шығылып, тастыйықланды.

Бул ҳүжжет Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў глобаллық басламасы менен үйлестирилди.

Миллий режеге бола, Өзбекстанда онкологиялық кеселликке шалынған ҳәр бир баланы, географиялық жайласыўы ҳәм экономикалық жағдайына қарамастан, өз ўақтында диагнозлаў ҳәм оны нәтийжели емлеў имканиятын тәмийинлеў мақсет етилген.

Сондай-ақ, балалар рак кеселлигин ерте басқышларда анықлаў жағдайларының үлесин 65 процентке шекем арттырыў, бундай наўқас ул-қызларды 100 процент қәнигелестирилген медициналық жәрдем менен қамтып алыў белгиленген.

Соның ишинде, мине, усы реформалар нәтийжесинде:

балаларда онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў системасы жетилистириледи;

аймақларда да диагностика хызметлериниң қамтып алыныўы арттырылып, заманагөй лабораториялық ҳәм инструментал тексериўлерден пайдаланыў имканияты кеңейтиледи;

емлеўдиң барлық алдынғы усылларын, соның ишинде, таргет ҳәм иммунотерапиядан пайдаланыў имканиятлары арттырылады;

тараў ушын маман медицина кадрларын таярлаў ҳәм олардың кәсиплик потенциалын арттырыў илажлары көриледи;

балалар канцер-регистри, электрон медициналық карта ҳәм телемедицина сыяқлы санлы технологиялар енгизиледи;

паллиатив жәрдем, психологиялық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў және реабилитация хызметлери раўажландырылады.

Улыўма алғанда, Миллий реже тек ғана емлеў процесин емес, ал ерте диагноз қойыўдан баслап, баланың толық реабилитациясы ҳәм әдеттеги саламат турмысқа қайтыўына шекемги пүткил системаны қамтып алады.

ДСМ Баспасөз хызмети.