Климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги, жерлердиң деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениў бүгин пүткил регион ушын әҳмийетли экологиялық машқалаға айланбақта. Бул болса аўыл хожалығының турақлылығына, азық-аўқат қәўипсизлигине, халықтың саламатлығына ҳәм аймақлардың экономикалық раўажланыўына тиккелей тәсир етпекте.

Елимиз аймағының дерлик 80 проценти шөл ҳәм ярым шөл аймақларынан ибарат. Жерлердиң шорланыўы, қум көшиўи, шаң боранлары ҳәм гармсильлер, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Хорезм ўәлаятлары, сондай-ақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының айырым районларында айрықша қәўип туўдырмақта.

Арал теңизиниң қурыўы бул процессти және де күшейткен. Қурыған түбинде Аралқум шөли қәлиплесип, ҳаўаға көтерилип атырған дуз ҳәм шаң кең аймақларға тарқалмақта. Сонлықтан, Аралбойында жасыл қапламалар жаратыў, сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлерин егиў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте. Соңғы жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам жаңа тоғайлықлар жаратылды.

"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде де кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз бойынша 1 миллиард түптен аслам терек ҳәм пута нәллери егилди, көклемзарластырыў дәрежеси 2020-жылдағы 8 проценттен 2025-жылы 14,3 процентке жетти. Аралбойы, шегара ҳәм қурғақшылық аймақларында жасыл қапламалар ҳәм қорғаў тоғайлықларын жаратыў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Презентацияда 2026-2030-жыллары шөллениўге қарсы гүресиў жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша усыныслар көрип шығылды. Соның ишинде, 1,27 миллион гектарда тоғай жаратыў ҳәм қайта тиклеў, шөл, таў ҳәм таў алды аймақларында 16 мың гектар қорғаў тоғайлықларын жаратыў режелестирилген.

Сурхандәрья ўәлаятында 10 мың гектар майданда жасыл қапламалар шөлкемлестириў, Сырдәрья ўәлаятының шегаралас аймақларында 84 километрлик “жасыл дийўал” қурыў, таў ҳәм таў алды аймақларында “терраса” усылында терек ҳәм путалар егиў, деградацияға ушыраған жерлерде заманагөй агротехнологияларды сынақтан өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы шөл аймақларына тек ғана экологиялық машқала сыпатында емес, ал жаңа экономикалық имканиятлар дереги сыпатында қараў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мақсетте “шөл экономикасы” көзқарасын раўажландырыў, тың ҳәм шорланған жерлерде турақлы дәрамат дереклерин жаратыў, шөл өсимликлери туқымгершилиги ҳәм нәлшилигин жолға қойыў, галофит өсимликлер жетистириў, жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў, шарўашылық, экологиялық туризм ҳәм илимий изертлеўлерди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Бул бағдарда Қарақалпақстанда шөл өсимликлери нәлханаларын шөлкемлестириў, Аралдың қурыған ултанында илимий экспедициялар өткериў, Бабатаў аймағында заманагөй усыллар тийкарында писте плантацияларын раўажландырыў, галофит бағлар тармағын кеңейтиў усыныс етилди. Сондай-ақ, қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер ҳәм туқымлар бойынша регионаллық банк жаратыў, халықаралық фондлар ҳәм жеке меншик инвестицияларды тартыў мәселелери додаланды.

Презентацияда Орайлық Азия мәмлекетлери менен экологиялық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Шөллениў ҳәм жер деградациясы шегара билмес машқала екени, сол себепли оған қарсы гүресиўде бирден-бир регионаллық көзқарас, илимий бирге ислесиў, мағлыўмат алмасыў ҳәм технологиялар трансфери әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў бойынша Орайлық Азия регионаллық илимий-изертлеў орайының жумысын кеңейтиў, “Жасыл қалқан” регионаллық бағдарламасы шеңберинде әмелий жойбарларды көбейтиў, 2040-жылға шекем шөллениўге қарсы гүресиў стратегиясын ислеп шығыў басламалары алға қойылды.

Самарқанд қаласының тарийхый-мәдений мийрасы, Уллы жипек жолындағы орны, халықаралық туризм орайы сыпатындағы потенциалы, стратегиялық географиялық жайласыўы және суў ҳәм транспорт инфраструктурасын есапқа алған ҳалда оны Орайлық Азияда экологиялық турақлы, климатқа бейимлескен ҳәм заманагөй “жасыл қала” үлгисине айландырыў нәзерде тутылмақта.

Соған муўапық, презентацияда қалалардың экологиялық турақлылығын тәмийинлеў бойынша “Green Samarkand” модели көрип шығылды.

Бул модель шеңберинде 2030-жылға шекем Самарқанд қаласында анық экологиялық көрсеткишлерге ерисиў белгиленген. Соның ишинде, атмосфераға шығарылыўы мүмкин болған 51,2 мың тонна зыянлы шығындылардың алдын алыў, санаат ҳәм энергетика объектлеринде шаң-газ тазалаў үскенелерин орнатыў арқалы PM2.5 ҳәм PM10 бөлекшелерин 50 процентке азайтыў, қурылыс объектлеринен шығатуғын шаң муғдарын 80 процентке, транспорт қуралларынан шығатуғын патасландырыўшы затлардың көлемин 50 процентке қысқартыў, шығынды полигонларының көлемин 2 есеге азайтыў ҳәм елатлы пунктлерде жасыл аймақлардың үлесин орташа 30 процентке жеткериў нәзерде тутылған.

Жойбарды әмелге асырыў ушын Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети қатнасыўында “Жасыл Самарқанд” жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. Бул офис қала қурылысы, экология, транспорт, қурылыс, туризм, санаат ҳәм коммуналлық хызметлер тараўларында белгиленген илажларды бирден-бир системада муўапықластырады.

Самарқанд қаласында арнаўлы экологиялық-қала қурылысы режими енгизилип, жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкцияланатуғын объектлер ушын “жасыл қурылыс” талаплары мәжбүрий етип белгиленеди. Онда энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыў, шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў системаларын енгизиў, ресурс нәтийжелилигин арттырыў және экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын объектлерди пайдаланыўға қабыл етпеў әмелияты жолға қойылады.

Транспорт тараўында Самарқанд қаласын экологиялық таза ҳәрекетлениў моделине өткериў нәзерде тутылған. Буның ушын 50 заманагөй үлкен сыйымлылықтағы электробус сатып алыў, кесилиспелерде 150 жаңа светофор орнатыў, 2030-жылға шекем жәмийетлик транспорт ҳәм такси хызметин толық электр транспортына өткериў илажлары көриледи. Соның менен бирге, “Park & Ride”системасы енгизилип, пиядалар ҳәрекети тийкарғы болған жасыл туристлик аймақлар шөлкемлестириледи, қала орайына жеке меншик автотранспорт кириўи басқышпа-басқыш азайтылады.

Суў ҳәм “жасыл” инфраструктураны раўажландырыў мақсетинде Самарқанд қаласында кеминде 4, ўәлаят районларының орайларында болса кеминде биреўден жасалма көл ҳәм суў бассейнлери шөлкемлестириледи. Самарқанд қаласында қосымша 10 жаңа фонтан қурылып, фонтанлар инфраструктурасы модернизацияланады. Сондай-ақ, улыўма узынлығы 319 километр болған салмалар системасы қурылады ҳәм тикленеди.

Қала әтирапында қорғаўшы “жасыл” инфраструктураны қәлиплестириў мақсетинде “Жаңа үлкен айланба жол” бойлап узынлығы 102,7 километр, улыўма майданы 3532 гектар болған “жасыл белбеў” қурылады. Бул белбеў шаң ҳәм ыссы ҳаўа ағымларын азайтыў, атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, қаланың әтирапында тәбийий қорғаў зонасын жаратыў ҳәм климатқа бейимлесиў илажларын күшейтиўге қаратылған.

Қала қурылысы бағдарында 300 гектар майданда “Green City Samarkand” аймағын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул аймақта турақ жай, офис, хызмет көрсетиў, туризм ҳәм жәмийетлик инфраструктура объектлери халықаралық “жасыл қала” стандартлары тийкарында қурылады.

Санаат объектлериниң экологиялық тәсирин азайтыў ушын “жасыл санаат зонасы” аймағында ең қолайлы технологиялар, “Zero Visible Emission” ҳәм санлы экологиялық мониторинг системалары басқышпа-басқыш енгизиледи. Әмелдеги санаат зоналары әтирапында “жасыл белбеўлер” шөлкемлестириледи ҳәм халықтың денсаўлығына үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин болған I ҳәм II категорияға тийисли 8 санаат кәрханасын қала аймағынан тысқарыға көшириў илажлары көриледи.

Шығындыларды басқарыў тараўында “Zero Visible Emission” принципи тийкарында шығындыларды сортлаў, қайта ислеў ҳәм полигонларға жиберилетуғын көлемди азайтыў системасы енгизиледи. Нызамсыз шығынды таслаў жағдайларын санлы карталастырыў ҳәм фото-видеофиксациялаў бойынша мәлимлеме системасы иске қосылады.

Климат сиясаты бағдарында Самарқанд қаласы ушын 2030 ҳәм 2035-жылларға мөлшерленген углерод шығындыларын қысқартыў мақсетли көрсеткишлери және “Carbon Neutral Samarkand” “жол картасы” ислеп шығылады. Сондай-ақ, жасыл ҳәм климат жойбарларын қаржыландырыў ушын “Green Samarkand Climate Finance Facility”  платформасы, нәтийжелерди ашық жәриялаў ҳәм мониторингин жүргизиў ушын “Green Samarkand Dashboard” санлы платформасы иске қосылады.

Туризм ҳәм биокөптүрлилик бағдарында “Жасыл Самарқанд” бренди, “Green Hotels Samarkand”  рейтинг системасы, “Samarkand City Biodiversity Index” методологиясы, “Urban Biodiversity Samarkand” пилот жойбары ҳәм “Биокөптүрлиликти қәстерлеп сақлаймыз” кеўиллилер бағдарламасы әмелге асырылады. Сол арқалы Самарқанд қаласы экологиялық туризм, жасыл инвестициялар ҳәм турақлы қала қурылысы шешимлериниң орайына айландырылады.

Улыўма, жойбар шеңберинде Самарқандты “Орайлық Азияның жасыл инвестициялар ҳәм инновациялар пайтахты” сыпатында қәлиплестириў ушын шөлкемлестириўшилик, финанслық ҳәм әмелий тийкарлар жаратылады.

Президентимиз усынысларды мақуллап, шөллениўге қарсы гүресиў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қала қурылысында экологиялық талапларды күшейтиў ҳәм халық ушын саламат орталық жаратыў мәселелери бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.