Тәреплер бирге ислесиўдиң раўажланыў пәтин ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары
хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, террористлердиң жаңа технологиялардан
пайдаланыўына қарсы гүресиў, терроризмди қаржыландырыўдың алдын алыў сыяқлы
биргеликтеги бағдарламалардың табыслы әмелге асырылып атырғанын жоқары
баҳалады.
Қатнасыўшылар Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл
сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 80 жыллық юбилей сессиясында алға
қойылған Жеделлик зоналарынан қайтарылған шахсларды реабилитациялаў ҳәм
реинтеграциялаў бойынша Халықаралық компетенциялар орайын шөлкемлестириўдиң
перспективаларына айрықша итибар қаратты.
Бул структура
Орайлық Азияның табыслы тәжирийбесине сүйенип, бейимлескен реабилитация
стратегияларын ислеп шығыў бойынша глобаллық билим майданына айланыўы мүмкин
екени атап өтилди. Орайдың тийкарғы итибары тараў қәнигелерин таярлаў ҳәм
маманлығын арттырыў, репатриантлар ушын билимлендириў ҳәм кәсиплик
траекторияларды жаратыў, экстремизмниң алдын алыў илажларына қаратылыўы нәзерде
тутылған.
Ушырасыў
шеңберинде Өзбекстан ҳәм БМШ ТҚГБ
арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўдиң жаңа "жол
картасы"на қол қойылды. Бул ҳүжжет стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышына
өтиўди белгилейди ҳәм Өзбекстанға терроризмге қарсы гүресиўде кең көлемли
экспертлик-техникалық жәрдем көрсетиў имканиятын береди.
Сондай-ақ, Нью-Йорк
қаласында Өзбекстан делегациясы БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў комитетиниң
атқарыўшы директоратының директоры Наталья Герман менен сөйлесиў өткерип,
қәўипсизлик тараўындағы биргеликтеги басламаларды додалады.
Соның ишинде,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық
изертлеўлер институтын (СРИИ) ТҚГБДЎА
Глобал изертлеў тармағына қосыў перспективалары көрип шығылды. Бул терроризмге
қарсы гүресиў тараўында дүньяның жетекши таллаў орайларының изертлеўлеринен
толық пайдаланыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Ушырасыўлар
жуўмағында тәреплер терроршылық қәўип-қәтерине қарсы гүресиў мәселелеринде
буннан былай да тығыз бирге ислесиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мағлыўмат ушын:
БМШтың терроризмге қарсы гүресиў ҳәптелиги ағза мәмлекетлерди, БМШ системасы
структураларын, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерди, сондай-ақ, экспертлер
жәмийетшилигин заманагөй қәўип-қәтерлерди додалаў ҳәм БМШтың Глобал антитеррор
стратегиясын әмелге асырыў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў ушын
бирлестиретуғын ең абырайлы халықаралық майданлардан бири болып есапланады.
Быйыл 26-июньнан 2-июльге шекем болып өтпекте.