Өзгерислердиң көлемин, бәринен бурын, анық санлар көрсетеди. Кейинги 9 жылда мәмлекетимизде 210 миллион квадрат метрден аслам имарат ҳәм объектлер қурылды. 647 мың квартиралы 15 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Турақ жай қурылысы халықтың талаплары ҳәм перспективалы режелер тийкарында избе-из даўам етпекте. Өткен жылдың өзинде 135 мың квартиралы турақ жайлар қурылды. Усы жылы және 140 мың жаңа квартира пайдаланыўға тапсырылады. 2040-жылға шекем жыллық турақ жай қурылысының көлемин 280 мың квартираға жеткериў, "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 61 ден 120 ға көбейтиў ўазыйпасы белгиленген.

2016-жылы қурылыс жумысларының көлеми 30 триллион сумды қураған болса, бүгинги күнде 314 триллион сумға жетти. Қурылыс тармағы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм бир қатар тараўлардың раўажланыўына хызмет етип атырған стратегиялық бағдар сыпатында беккемленбекте.

Ерисилип атырған нәтийжелер тек ғана қурылып атырған имаратлар менен шекленип қалмайды. Олар мыңлаған шаңарақлардың дәраматы, абаданлығы ҳәм турақлы турмысына да хызмет етпекте. Бүгин қурылыс ҳәм оған тутас тармақларда 3,5 миллионнан аслам ўатанласымыз мийнет етип атырғаны буның айқын дәлили болып есапланады.

Кейинги жыллардағы реформалар қурылыс тармағын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты. Қурылысқа руқсат бериў процесслери 3 есеге, мүддетлер 4 есеге қысқартылды. Нәтийжеде исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын қолайлы орталық қәлиплесип, жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары кеңейди.

Қурылыс тараўында санластырыў процесслери избе-из даўам етпекте. "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасы шеңберинде енгизилген электрон платформалар процесслердиң ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин арттырмақта. Электрон тендерлер, санлы қадағалаў ҳәм заманагөй басқарыў механизмлери тараўда ашық-айдынлық, әдил бәсеки ҳәм үнемлеў принциплерин беккемлемекте.

Бүгинги дөретиўшилик жумыслары елимиздиң экономикалық потенциалы менен бир қатарда руўхый ҳәм қала қурылысы келбетин де жоқарылатпақта. Усы жылы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий естелик комплекси ҳәм Бурҳониддин Марғиноний туризм орайында әмелге асырылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары мине усы ийгиликли ҳәрекетлердиң айқын көриниси болды.

Жаңа қалаларды қурыў мәмлекетимиздиң қала қурылысы сиясатында пүткиллей жаңа басқышты баслап берди. Жаңа Ташкент, Нурафшан, Бабур, Экоқала, Ширин, Ал Хорезмий сыяқлы ири дөретиўшилик орайлары заманагөй инженерлик шешимлери, "жасыл" қурылыс принциплери ҳәм инсан ушын қолайлы жасаў орталығын тәмийинлеўге қаратылған көзқарас тийкарында қурылмақта. Бул қалалар келеси он жыллықлар раўажланыўы ушын беккем тийкар ўазыйпасын атқарады.

Хорезм ўәлаятында 130,5 гектар майданда қурылып атырған Ал Хорезмий қаласында 8 мың орынлық IТ университет, технопарк, инновация орайлары және 5,7 мыңнан аслам квартиралы заманагөй турақ жайлар бой тиклемекте. Бул қала илим, инновация ҳәм жоқары технологияларды өзинде жәмлеген жаңа раўажланыў орайына айланыўы күтилмекте.

Әндижанда 4 мың гектар майданды ийелеген Бабур қаласы 411 мың халыққа мөлшерленген. Бул жерде 40 мың квартиралы 2 мың көп қабатлы турақ жай қурылады. Ҳәзирги ўақытқа шекем 3940 квартира ҳәм 40 тан аслам саўда ҳәм сервис орайы пайдаланыўға тапсырылды, қалада 25 мыңнан аслам халық жасамақта. Бабурийлер мийрасына бағышланған тематикалық бағдың қурылып атырғаны болса миллий тарийх ҳәм заманагөй қала қурылысының үнлеслигиниң және бир көриниси болып есапланады.

Самарқандтағы Ширин қаласы, Нурафшандағы жаңа қалаша, Қоқанд ҳәм Марғилондағы турақ жай массивлери, Қамашыда шөлкемлестирилип атырған жаңа орынлар да аймақларды турақлы раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар избе-из даўам етип атырғанын көрсетпекте.

Ең әҳмийетлиси, бул қалалар тек ғана турақ жайлар менен шекленбейди. Олар менен бирге заманагөй мектеплер, бақшалар, емлеўханалар, жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар, хызмет көрсетиў орынлары, бағлар ҳәм дем алыў аймақлары да қурылмақта. Әне усындай қатнас аймақлардың турақлы раўажланыўы, халық ушын мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў ҳәм заманагөй қала қурылысының көринисин қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Елимизде болып атырған жаңаланыўлар процесинде қурылысшы ҳәм тараў қәнигелериниң мийнети айрықша орын ийелейди. Олар өз кәсибине садықлық пенен қатнас жасап, елимиздиң келбетин өзгертип атырған, халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратып атырған дөретиўшилик жумысларына мүнәсип үлес қоспақта. Мине, усы мақтанышлы мийнет жолынан баратырған қурылысшыларымыз өз кәсиби менен мақтанып, елимиздиң раўажланыўына хызмет етип атырғанын жоқары жуўапкершилик деп биледи.

Шерзод ҲИДОЯТОВ,

қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри