Сөйлесиўде кеңейип баратырған еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўдиң әмелий механизмлери көрип шығылды, сондай-ақ, болажақ қоспа илажлар бойынша пикир алысылды.
Жақын Шығыстағы жағдайға айрықша итибар қаратылып, бар мәселелерди тек ғана сөйлесиў ҳәм дипломатиялық жол менен шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиў жуўмағында стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм оның потенциалынан толық пайдаланыў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиўге келисип алынды, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.