Буның ақыбетинде 245 мыңға шамалас адам қайтыс болды ҳәм дүнья бойлап мәжбүрий көширилгенлердиң саны 122 миллионнан асты. Миллионлаған балалар билимлендириўден үзилген, мыңлаған кәрханалардың жумысы тоқтап қалған, пүткил қалалар ўайран болған.

Бул санлар бизге бир ҳақыйқатты билдиреди: тынышлық - тек ғана сиясий түсиник емес. Тынышлық инсанның ертеңги күнге исеними, перзентиниң келешеги, шаңарағының бахыты ҳәм ўатан раўажланыўының тийкары болып есапланады.

Усы көзқарастан, мәмлекетимизде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаўға қаратылып атырған итибардың әҳмийети шексиз. Бүгин Өзбекстанда ҳәр бир инсанның өмири, қәдир-қымбаты ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы ўазыйпасы сыпатында белгиленген.

Кейинги жыллары жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында пүткиллей жаңа басқарыў системасы қәлиплестирилди. Бурын ҳуқықбузарлық жүз бергеннен кейин илаж көриўге тийкарғы итибар қаратылған болса, бүгин пүткиллей жаңа принцип - "жынаятты ашыў емес, оның алдын алыў" бас өлшемге айланды.

Бул қатнастың ең әҳмийетли тәрепи сонда, қәўипсизликке тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы емес, ал мәмлекетлик уйымлар, мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери, шаңарақ ҳәм кең жәмийетшиликтиң өз-ара бирге ислесиўи тийкарында тәмийинленетуғын улыўма миллий ўазыйпа сыпатында қаралмақта.

Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен дерлик ҳәр жылдың дәслепки күнлеринде әйне жәмийетлик қәўипсизлик, мәҳәллелерде тынышлықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўға қаратылған әҳмийетли қарарлардың қабыл етилиўи жақсы дәстүрге айланды. Бул болса тараўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде тийкарғы әҳмийет берилип атырғанын аңлатады.

Президентимиздиң усы жыл 5-январьдағы "Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бир пүтин мәнзилли жумыс системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары да мине усы системалы реформалардың логикалық даўамы болды.

Бул қарардың тийкарғы мақсети мәҳәллелерде социаллық профилактиканы күшейтиў, ҳуқықбузарлықлардың себеп ҳәм шараятларын сапластырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў, халықтың мүрәжатларына жедел мүнәсибет билдириў және ҳәр бир мәҳәлледе қәўипсиз ҳәм турақлы социаллық орталықты қәлиплестириўден ибарат.

Ең әҳмийетлиси, қарар тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының жумысын жетилистириўди емес, ал мәҳәлле институтын күшейтиў, санлы технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, профилактика инспекторларының жумысын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм ҳәр бир пуқараны қәўипсизликти тәмийинлеў процесиниң белсенди қатнасыўшысына айландырыўды нәзерде тутады.

Себеби, қәўипсиз мәҳәлле тек ғана жынаят жүз бермейтуғын аймақ емес. Қәўипсиз мәҳәлле балалар емин-еркин ойнайтуғын, жаслар арзыў-нийетлерине қарай анық умтылатуғын, ҳаял-қызлар өзин қорғаўлы сезетуғын, кекселер тыныш турмыс кешире алатуғын, исбилермен ертеңги күнге исеним менен инвестиция киргизетуғын, ҳәр бир инсан өзин еркин ҳәм қәўипсиз сезетуғын турмыс орталығы болып есапланады.

Мине, усы ийгиликли мақсетлерге ерисиўде Олий Мажлис Сенаты да белсене қатнасып, қабыл етилип атырған қарарлардың орынлардағы орынланыўын парламентлик қадағалаў тийкарында турақлы үйренип, машқалаларды сапластырыў ҳәм нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша анық илажлар көрмекте.

Парламентлик қадағалаўы - қарарлардың орынланыўының ең әҳмийетли кепили

Кейинги жылларда Олий Мажлис Сенаты тәрепинен орынлардағы үйрениўлер пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Енди парламентлик қадағалаў тек ғана есабат тыңлаў менен шекленип қалмастан, аймақларға шығып, халық пенен пикирлесиў, орынлардағы жағдайды баҳалаў, жуўапкерлердиң жумысын таллаў ҳәм нызамшылықты жетилистириў ушын әмелий усыныслар ислеп шығыўды да өз ишине алады.

Бул қатнас, әсиресе, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында әҳмийетли. Себеби қәўипсизлик мәселесинде ҳәр бир қарардың нәтийжеси тиккелей инсанның өмири, ҳуқық ҳәм еркинликлери және жәмийеттиң турақлылығы менен байланыслы.

Президентимиздиң 2026-жыл 5-январьдағы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис Сенатының жуўапкер комитетлери Ташкент қаласы районларына бириктирилди. Атап айтқанда, Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң шегине Бектемир, Мирабад ҳәм Янгиҳаёт районлары түсти.

Бул районларда комитет баслығы басшылығында жумысшы топарлардың жумысы жолға қойылды. Олардың қурамына сенаторлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, прокуратура, ишки ислер, салық уйымларының басшылары, "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери тартылды.

Жумысшы топарлар жумысының тийкарғы мақсети санлардың артындағы ҳақыйқый жағдайды көриўден ибарат болды. Оның ушын мәҳәллелерде жынаятшылық жағдайы, профилактика жумыслары, социаллық орталық, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ислесиў системасы, видеобақлаў камералары, домофонлар, "SOS" тәшўиш түймелери, санлы бақлаў қураллары ҳәм профилактика инспекторларының жумысы тиккелей орнына шыққан ҳалда үйренилди.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир сапар ашықтан-ашық сөйлесиў руўхында шөлкемлестирилди. Мәҳәлле баслықлары, профилактика инспекторлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери менен сәўбетлер өткерилип, халықты қыйнап атырған машқалалар, әмелдеги нызамшылықта ушырасып атырған бослықлар ҳәм ҳуқықый тәртипке салыўды талап етип атырған мәселелер додаланды.

Бул болса парламентлик қадағалаўдың және бир әҳмийетли ўазыйпасы - нызамшылықты әмелият талапларынан келип шыққан ҳалда жетилистириўге хызмет етпекте.

Соның менен бирге, Президент қарарларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде халық депутатлары Мирабад, Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районлық кеңеслериниң сенаторлар қатнасыўында қоспа сессиялары турақлы өткерилмекте.

Бул сессияларда район ҳәкимлери, ишки ислер, прокуратура, салық, мәҳәлле ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер басшыларының мәлимлемелери тыңланып, Президент ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, мәҳәллелердеги криминоген жағдай, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, профилактика жумысларының нәтийжелилиги және анықланған машқалалар бойынша сын көзқарастан додалаўлар өткерилмекте. Додалаўлардың жуўмақлары бойынша ҳәр бир мәселе кесиминде анық ўазыйпалар ҳәм орынлаў мүддетлери белгиленип, депутатлық ҳәм парламентлик қадағалаўға алынбақта.

Бул болса жуўапкерлердиң жеке жуўапкершилигин арттырыў, уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў, қабыл етилген қарарлардың орынларда толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, ең әҳмийетлиси, халықты қыйнап атырған машқалаларға жедел ҳәм мәнзилли шешим табыўда унамлы нәтийжесин бермекте.

Жумысшы топар тәрепинен Янгиҳаёт районында кең көлемли үйрениўлер өткерилди. Нәтийжелер профилактикалық илажлар ҳәм мәҳәллелердеги мәнзилли жумыслар нәтийжесинде алдын алыў мүмкин болған жынаятлар өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда азайғанын көрсетти.

Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар да сезилерли қысқарған. Ең әҳмийетлиси, ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар дерлик 79 процентке, жаслар жынаятшылығы болса 54,5 процентке азайғаны профилактика жумысларының дурыс жолға қойылғанын көрсетеди.

Районда жәми Face-ID ҳәм мәмлекетлик номер белгилерин автоматластырылған түрде анықлайтуғын 236 дана ақыллы камера орнатылғаны, жүзлеген домофонлар ҳәм "тәшўиш түймелери" иске қосылғаны қәўипсизликти тәмийинлеўдиң пүткиллей жаңа басқышына өтилгенинен дәрек береди.

Мирабад районында да жумысшы топар тәрепинен турақлы үйрениўлер өткерилди. Бул жерде ең итибарлы тәреплерден бири санлы технологиялар нәтийжели енгизилгени болып есапланады.

Атап айтқанда, 105 мыңнан аслам пуқара "Мениң инспекторым" мобиль қосымшасына жалғанғаны нәтийжесинде профилактика инспекторлары менен халық арасында тиккелей байланыс жолға қойылды. Нәтийжеде "102" хызметине келип түсип атырған күнлик мүрәжатлар саны сезилерли дәрежеде қысқарды.

Бектемир районында ерисилген нәтийжелер айрықша итибарға ылайық. Бүгинги күнде районда "қызыл" категориядағы бирде-бир мәҳәлле жоқ. Бул - мәҳәлле системасы, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм жәмийетшиликтиң бирге ислесиўиниң нәтийжеси.

Районда жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлар 60 процентке, жаслар жынаятшылығы 54,5 процентке, ҳаяллар жынаятшылығы 78,6 процентке азайды. Сондай-ақ, жүзлеген видеобақлаў камералары, домофонлар ҳәм техникалық қорғаў қуралларының орнатылыўы нәтийжесинде урлық жынаятлары да сезилерли қысқарды.

Бул санлардың ҳәр бириниң артында инсан тәғдири жәмленген. Мәселен, жаслар жынаятшылығының ярымынан көбирекке азайыўы жүзлеген жигит-қызлардың жынаят жолына кирмей, билим алыў, кәсип ийелеў ҳәм жәмийеттиң мүнәсип ағзасы болып камалға келиўи ушын имканият жаратылғанын аңлатады.

Ҳаял-қызлар жынаятшылығының кескин азайыўы болса жүзлеген шаңарақларда саламат руўхый орталық орнап атырғаны, социаллық қорғаў ҳәм профилактика жумыслары нәтийже берип атырғанының әмелий дәлили болып есапланады.

Статистикалық санлар және бир ҳақыйқатты тастыйықлайды: қәўипсизликке жумсалған ҳәр бир қаржы, орнатылған ҳәр бир камера, профилактикаға ажыратылған ҳәр бир саат келешекте жүзлеген ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, инсан өмири ҳәм мүлкин сақлап қалыўға хызмет етеди.

Президентимиздиң атап өткениндей, профилактикаға тийкарланған система ҳәр қандай жынаятқа қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели жолы болып есапланады. Бектемир, Мирабад ҳәм Янгиҳаёт районларында исленип атырған жумыслар мине усы принциптиң әмелий нәтийжесин айқын көрсетпекте.

Жынаятшылық статистикасындағы ҳәр бир азайыў тек сан емес. Бул бузылмаған бир шаңарақ, жәбир көрмеген бир инсан, жойтылмаған мал-мүлк, жетим қалмаған бир перзент дегени.

Қәўипсизлик - экономикалық раўажланыў, инвестиция ҳәм абадан турмыстың тийкарғы факторы

Айырымлар жәмийетлик қәўипсизликти тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы ямаса жынаятшылыққа қарсы гүресиў менен байланыстырады. Негизинде болса қәўипсизликтиң көлеми бираз кең. Ол мәмлекет экономикасы, инвестициялық орталық, исбилерменлик белсендилиги, туризм потенциалы ҳәм, ең әҳмийетлиси, адамлардың күнделикли турмыс сапасына тиккелей тәсир көрсетеди.

Соның ушын дүнья тәжирийбесинде қәўипсизлик экономикалық өсиўдиң тийкарғы шәртлеринен бири сыпатында тән алынады. Инвестор, исбилермен ямаса турист, бәринен бурын, бир сораўға жуўап излейди: "Бул аймақ қәўипсиз бе?" Мине, усы сораўға унамлы жуўап болғанда ғана инвестиция киргизиледи, жаңа өндирислер жолға қойылады, мийманханалар қурылады, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўы раўажланады.

Ҳуқықбузарлық азайған жерде исбилермен бизнесин кеңейтиўден қорықпайды. Ол жаңа жумыс орынларын жаратады, жергиликли бюджетке көбирек салық төлейди, экономикалық белсендилик артады. Бул болса халықтың дәраматларының өсиўине, социаллық инфраструктураның раўажланыўына ҳәм турмыс сапасының жақсыланыўына хызмет етеди.

Әсиресе, мәҳәлле дәрежесинде қәўипсиз орталықтың қәлиплесиўи ҳәр бир шаңарақтың күнделикли турмысында сезилерли өзгерислерди келтирип шығарады. Кеште балалардың спорт майданшасында биймәлел ойнап атырғаны, ата-аналардың қәтержамлығы, кекселердиң еркин сейил етиўи, исбилерменниң өз мүлкинин қәўипсизлигине исеними - булардың барлығы қәўипсизликтиң инсан турмысындағы әмелий көриниси болып есапланады.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған "Қәўипсиз мәҳәлле" принципиниң мазмун-мәниси мине усында. Бул баслама тек ғана жынаятшылықты азайтыўды емес, ал инсан ушын қолайлы, тыныш ҳәм турақлы жасаў орталығын жаратыўды нәзерде тутады.

Бүгинги глобал бәсеки шараятында туризм тараўында табысқа ерисиў ушын бай тарийхый мийрас ямаса бийтәкирар тәбияттың өзи жетерли емес. Туристлер мәмлекет таңлаўда, биринши гезекте, оның қәўипсизлигине итибар қаратады.

Кейинги жылларда Өзбекстан қәўипсиз, ашық ҳәм миймандос мәмлекет сыпатында дүнья жәмийетшилигинде барған сайын беккем абырайға ийе болмақта. Бул, өз гезегинде, туризм тараўының жедел раўажланыўына күшли түртки бермекте.

Егер 2016-жылы елимизге дерлик 2 миллион сырт ел туристи келген болса, 2025-жылдың ақырына келип 12 миллионға шамаласты. Қысқа ўақыт ишинде туристлер ағымының дерлик алты есеге артқаны елимизде қәўипсиз ҳәм қолайлы орталық жаратыў, транспорт, мийманхана ҳәм сервис инфраструктурасын жетилистириў, ең әҳмийетлиси, тынышлық ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған избе-из мәмлекетлик сиясаттың әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Ең әҳмийетлиси, бундай системалар пуқаралардың тыныш турмысын тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм инвестиция ушын исенимли орталық жаратыў және жергиликли ҳәм сырт елли мийманларда Өзбекстанның қәўипсиз мәмлекет екени ҳаққындағы унамлы көзқарасты және де беккемлемекте.

Жуўмақ орнында

Бүгин елимиздеги реформалар нәтийжесинде қәўипсизликти тәмийинлеў пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Парламентлик қадағалаў, мәмлекетлик уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи, санлы технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўге сүйенген бул система жаңа Өзбекстан раўажланыўының беккем таянышы болмақта.

Бектемир, Мирабад ҳәм Янгиҳаёт районларында исленип атырған жумыслар бир ҳақыйқатты және бир мәрте тастыйықлады: қәўипсизликке ерисиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал мәмлекетлик уйымлар, мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери, исбилерменлер ҳәм, бәринен бурын, пуқаралардың аўызбиршилиги менен тәмийинленеди.

Биз ушын ең үлкен жетискенлик ҳәр бир мәҳәлледе, ҳәр бир шаңарақта инсанның өзин қәўипсиз сезиўи, перзентлеримиздиң ашық аспан астында камалға келиўи, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықтың және де беккем орнаўы болып есапланады. Себеби, тынышлық ҳәм қәўипсизлик бар жерде раўажланыў, абаданлық ҳәм инсан қәдири жоқарылайды.

Қутбиддин БУРХОНОВ,

Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик

мәселелери комитети баслығы