Быйылғы жылдың елимизде "Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп жәрияланыўы мүнәсибети менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасы ҳәм социаллық орталығын жақсылаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жылдың ақырына шекем 1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелерди 2,5 есеге көбейтип, олардың санын 3,5 мыңға жеткериў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке азайтыў мақсет етилген.

Жыл басында инфраструктура, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменлик ушын шараят ҳәм қаржы имканиятлары шекленген, "аўыр" категориядағы 37 район ҳәм 915 мәҳәлле менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылды. Буның ушын барлық зәрүр қаржылар ажыратылды.

Соның ишинде, "аўыр" район ҳәм мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаўға республикалық бюджеттен 12 триллион сум қаратылды. Буннан тысқары, бундай районлардың ҳәр бирине 50 миллиард сумнан, мәҳәллелерге 2 миллиард сумнан қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен 37 районның ҳәр бирине 10 миллиард сумнан, 915 мәҳәллениң ҳәр бирине 1 миллиард сумнан қаржы ажыратылды.

Нәтийжеде район ҳәкимликлери ҳәм жергиликли кеңеслерге "аўыр" район ҳәм мәҳәллелер менен ислесиў ушын қосымша 4 триллион сум ажыратылды.

Презентацияда мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў ушын Республикалық мәҳәлле қорына қосымша 200 миллиард сум ажыратылатуғыны мәлим етилди. Сондай-ақ, олар ушын қосымша 300 миллиард сум турақлы дәрамат дәреклери жаратылмақта.

Соның ишинде, мәҳәлле аймағында санитариялық нормаларды бузғаны ҳәм нызамсыз қурылыс ислегени ушын жәрийманың бир бөлеги мәҳәлле бюджетине өткериледи. Жер ҳәм мүлк салықларынан түсимлердиң мәҳәллелерде қалдырылатуғын үлеси 10 проценттен 15 процентке арттырылады. Сондай-ақ, бос турған орынларды ижараға бериў ҳәм айырым имаратларды сатыўдан түскен қаржылар мәҳәллелерде қалады.

Бул қаржылар, биринши гезекте, ишки жолларды оңлаў, пиядалар жолларын абат етиў, балалар ҳәм спорт майданшаларын қурыў, мәҳәлле бағларын шөлкемлестириў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламаларына қаратылады.

Соның менен бирге, кәсип-өнерге оқытыў, қәте жолға түсип, жынаятшылық жолына кирип қалған 245 мың пуқараны социаллық турмысқа қайтарыў бойынша өз алдына жумыслар шөлкемлестириледи.

Презентацияда мәҳәллелердиң жумысын санластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Мәҳәлле жетилиги тәрепинен үйме-үй үйрениўлер өткерилип, 1 миллион 365 мың пуқараның машқалалары анықланғаны атап өтилди.

Бул машқалаларды жедел шешиў мақсетинде 35 министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системалары "Санлы мәҳәлле" платформасына жалғанады. Платформа мәҳәлле дәрежесиндеги әҳмийетли мәселелерди анықлаў, мүрәжатларды системалы таллаў ҳәм тийисли шешимлерди жедел белгилеў имканиятын береди.

Сондай-ақ, жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы ҳәр бир мәҳәлледеги ең әҳмийетли машқалаларды алдыннан анықлаў ҳәм оларды сапластырыў илажларын жедел көриў имканиятын беретуғын жаңа система иске қосылады.

Банклер менен бирге ҳәр бир мәҳәллениң өзине тәнлигинен келип шығып, халықтың бизнес басламалары ҳәм инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестириледи. Бул мәҳәлледеги имканиятларды халық ушын бәнтлик ҳәм дәрамат дәрегине айландырыўға хызмет етеди.

Презентацияда мәҳәлле жумысын илимий тийкарда шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Атап өтилгениндей, талланған 20 мыңға шамалас илимий жумыслардың тек ғана 10ында мәҳәллеге байланыслы айырым мәселелер изертленген.

Соны есапқа алып, Мәҳәллени раўажландырыў миллий институтын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Институттың жумысы үлкен илимий потенциалға ийе болған Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен байланыслы ҳалда шөлкемлестириледи.

Жаңа институт мәҳәлле системасындағы реформаларды илимий таллаў, алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, "мәҳәлле жетилиги" жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў менен шуғылланады. Бул система арқалы ҳәр жылы 21 мың мәҳәлле системасы хызметкерлери ҳәм "жетилик" ағзаларының қәнигелиги арттырылады.

Мәҳәлле пуқаралар жыйынларының имаратлары мәселеси де көрип шығылды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде 99 мәҳәллениң имараты жоқ, және 84 мәҳәллениң имараты қала қурылысы нормаларына сай емес, 4 имарат авариялық жағдайда.

Исбилерменлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәҳәлле имаратларын қурыў, бул имаратлардың бир бөлегине мәҳәлле "жетилиги"н бийпул жайластырыў, қалған бөлегинде киши цехлар ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестирип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў усынысын билдирди.

Президентимиз бул усынысларды қоллап-қуўатлап, "Санлы мәҳәлле" платформасын толық иске қосыў, мәҳәллелердиң турақлы дәрамат дәреклерин кеңейтиў, Мәҳәллелерди раўажландырыў миллий институтының жумысын жолға қойыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәҳәлле имаратларын қурыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.