Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы пуқараларының биометрикалық паспортларын қорғаўды тәмийинлейтуғын санлы сертификатлар - PKI (ашық гилтлер инфраструктурасы) ҳәм ICAO PKD (ICAO ашық гилтлер реестри) табыслы жаңаланды. Процедура ICAO Doc 9303 халықаралық стандарты талапларына толық муўапық әмелге асырылды.

Жаңаланған сертификатлар ICAO PKD системасына ағза барлық мәмлекетлер арасында тарқатылды. Бул сырт мәмлекетлердиң шегара хызметлери тәрепинен Өзбекстан пуқараларының биометрикалық паспортлары үзликсиз тексерилиўин тәмийинлеў ҳәм шегаралардан өтиўде жүз бериўи мүмкин болған қыйыншылықларды сапластырыў имканиятын береди.

Әмелге асырылған жаңаланыў биометрикалық паспортлардағы мағлыўматлардың пүтинлигин буннан былай да тәмийинлеўге, сондай-ақ, пуқаралардың халықаралық қатнаўларының қәўипсизлик дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы ICAO PKD системасының белсенди қатнасыўшысы сыпатында электрон ҳәрекетлениў ҳүжжетлериниң инфраструктурасын жетилистириў ҳәм бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўди даўам еттирмекте.