Билимлендириў тараўларының бирлестирилиўи тек ғана басқарыўды орайластырыў илажы емес, ал инсан тәрбиясы ҳәм раўажланыўы жолындағы жумысларды бир пүтин системаға жәмлестириў жолындағы үлкен мақсетли ҳәрекеттиң нәтийжеси болып табылады. Бунда мәнис инсан тәлим алатуғын, тәрбия алатуғын, кәсип ийелейтуғын ҳәм илимий потенциалын жүзеге шығаратуғын процеслердиң бир-биринен ажыралып қалмаўында көринеди.
Балалар бақшасында қайсыдур дәрежеде инсан шахсына тырнақ қойылады. Мектепке келгеннен кейин, усы тырнақ беккемленеме ямаса жаңасы қойыла ма? Бала жоқары билимлендириўде қандай қәниге болып қәлиплеседи яки оннан кейин не менен шуғылланады? Гәп мине усы пүтинликте.
Шахс тәрбиясының үзликсизлигин тәмийинлеў 2019-жылғы "Үзликсиз руўхый тәрбия" концепциясында да келтирилген. Пәрманның мәниси билимлендириў ҳәм тәрбияны бирлестириўде усы концепцияның үйлесимлилигин тәмийинлеў. Ҳәр қандай реформаның тийкарғы баҳасы оның инсан камалға келиўине қосқан үлесинде сезилип атырғанын есапқа алсақ, бул әҳмийетли процесс.
Бул жерде билим бериў менен бирге, тәрбияның, жеке жетикликтиң, жуўапкершилик ҳәм қәдирияттың үзликсизлиги мәселеси де бар. Яғный енди үзликсиз билимлендириў ҳәм үзликсиз тәрбия муўапықластырылыўы керек. Себеби билимлендириў инсанның нени билетуғынын аңлатса, тәрбия ол қандай инсан болыўы керек, деген сораўға жуўап береди. Негизинде бул мәселе халқымыз, миллий билимлендириўимиз ушын жаңалық емес. Шығыста әзелден тәлим-тәрбия бир-биринен ажыратылмаған ҳалда болған. Мәселен, Конфуций билимлендириўди тек билим бериўши емес, ал әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди қәлиплестириўши процесс сыпатында көрген. Оның көзқарасларында әдеп, билим ҳәм жеке пазыйлетлерди қәлиплестириў бир пүтин тәрбия процеси сыпатында келтирилген. Буның әҳмийетли тәрепи сонда, бүгин билимлендириў бағдарламаларымызда да "билимди ядлаўдан" "билимнен пайдаланыўға", оннан кейинги басқышта "усы билим тийкарында еркин пикирлеўге" өтиў мәселеси қойылмақта.
Билимнен пайдаланыў мәденияты да әҳмийетли. Яғный билимди қолланыў менен бирге, мақсетти аңлаў да зәрүр. Буны болса жадидлеримиз әллеқашан тийкарғы мәселелерден бирине қойып қойған еди. Атап айтқанда, Абдулла Авлоний "Түркий гүлистан ямаса әдеп-икрамлылық" шығармасында шахстың интеллектуаллық ҳәм әдеп-икрамлылық жетилисиўин тәлим-тәрбияның уқсаслығы менен байланыстырады. Абдурауф Фитраттың "Шаңарақ яки шаңарақты басқарыў тәртиплери" шығармасында да билимлендириў ҳәм тәрбия мәселеси физикалық, әдеп-икрамлылық ҳәм ақылый жетилисиўден ажыратылмайды. Демек, бүгинги билимлендириў реформаларында миллий мийрасқа сүйениў де пайдасыз болмайды. Миллийлик пе ямаса заманагөйлик пе, деген таңлаў қойылмастан, екеўи де үйлестирилиўи керек.
Улыўма алғанда, ата-ана тек ғана "балам қандай баҳа алып атыр", деп сорамай ямаса муғаллим "баланыз сабақты өзлестирмей атыр", деп ғана қоймастан, керисинше, "қандай инсан болып қәлиплесип атырғаны" менен қызығыўы керек.
Бул процесске мийнет тәрбиясы да қосылса, мақсетке муўапық. Буның ушын, бәринен бурын, "мәжбүрий мийнет" ҳәм "мийнет тәрбиясы" арасындағы шегараны белгилеп алыў зәрүр. Әне сонда "билим + пикирлеў + қәдирият + мийнет + жуўапкершилик + дөретиўшилик = бәркамал шахс" системасына тийкарланған жетик формула тийкарында исленеди.
Бирлескен системаның руўхый-ағартыўшылық философиясы, биринши гезекте, "билимнен инсанға" қарай ҳәрекетлениўи, яғный билимлендириў диплом, сертификат, тест нәтийжелерине сүйенбестен, инсан камалға келиўи менен өлшениўи керек.
Қысқаша айтқанда, бүгин билимлендириў системасы алдында "Биз ғәрезсиз пикирлейтуғын, миллий қәдириятларымызды сақлап, заманагөй дүнья менен бәсекилесе алатуғын қанша жасты тәрбияладық?", "Ҳадал мийнетти қәдирлейтуғын қанша инсанды камалға келтирдик?", "Өз билимлерин жәмийет мәпине бағдарлай алатуғын қанша шахс қәлиплестирдик?" сыяқлы сораўларға унамлы жуўап таба алыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар тур. Билимлендириў ҳәм илим министрлиги болса әне усы мақсетте шөлкемлестирилгени менен әҳмийетли.
Шаҳло АҲРОРОВА,
Социаллық-руўхый изертлеўлер институтының бас илимий хызметкери,
философия илимлери докторы, шайыр