Ата-аналар ҳәм оқыўшылар бул жерден жаңа оқыў жылы ушын зәрүр канцелярия
буйымлары, сабақлықлар, мектеп формасы ҳәм басқа да өнимлерди сатып алыўы
мүмкин. Онда оларды арзан ҳәм тийкарланған баҳаларда сапалы өним менен
тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Усы мүнәсибет пенен Бәсекилик комитети тутыныўшылардың ҳуқықлары менен
нызамлы мәплерине әмел етиў, ҳадал бәсекини тәмийинлеў ҳәм халықтың сапалы
товарларды мақбул баҳаларда сатып алыўы ушын шараят жаратыў зәрүрлигине итибар
қаратады.
Комитет ата-аналар ҳәм оқыўшыларға товарларды сатып алыўда олардың
сапасына, ислеп шығарыўшысына, баҳасына ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматларға
итибар қаратыўды усыныс етеди.
Өз гезегинде,
"Мектеп базарлары"нда саўда-сатық пенен шуғылланыўшы исбилерменлер
сатылып атырған өнимлердиң сапасын, белгиленген баҳалардың тийкарланғанлығын,
тутыныўшыларды толық ҳәм исенимли мағлыўматлар менен тәмийинлеў,
тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларына қатаң әмел
етиўи зәрүр.
Бәсекини
раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети исбилерменлерди
мектеп базарларында сатылып атырған сабақлықлар, мектеп формасы, канцелярия
буйымлары ҳәм басқа да товарлардың баҳасын тийкарсыз арттырыўға жол қоймаўға
шақырады.
Баҳаларды
тийкарсыз арттырыў жағдайларына дус келген пуқаралар Бәсекилик комитетиниң 1159
бирден-бир телефон номерине мүрәжат етиўи мүмкин.
Комитеттиң мәлим
етиўинше, мектеп базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм
тутыныўшылардың мәплерин қорғаў мақсетинде мониторинг жумыслары алып
барылмақта.