Пәрўазлар "Куала-Лумпур - Ташкент - Амстердам" жөнелиси бойынша ҳәм артқа “Airbus A330” самолётларында ҳәптесине төрт мәрте әмелге асырылады. Ташкент аэропортынан ҳаўа кемелерин техникалық жақтан тоқтатыў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў ушын транзит пункт сыпатында пайдаланылмақта.

Атап өтилиўинше, Ташкент арқалы пәрўазлардың жолға қойылыўы Өзбекстанның логистика потенциалын беккемлеў ҳәм халықаралық жүк авиақатнаўларын буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

MASkargo - Малайзия миллий авиакомпаниясы “Malaysia Airlines”тиң жүк бөлими. Авиакомпания Куала-Лумпур халықаралық аэропортында жайласқан болып, жүклерди дүньяның 100 ден аслам қалаларына жеткерип береди.