"Uzbekistan Airports"тың мәлим етиўинше, авиакомпанияның "Airbus A320" самолёты жергиликли ўақыт пенен саат 22:22 де Ташкентке қонды. Дәстүрге бола, жаңа авиакомпанияның самолёты суў аркасы, жолаўшылар болса миллий тағамлар менен күтип алынды.

Бишкектен Ташкентке биринши рейс пенен 163 жолаўшы келди, Қырғызстан пайтахтына қайтып келиў ушын 74 жолаўшы дизимнен өтти. "Aero Nomad" авиакомпаниясының Бишкек ҳәм Ташкент арасындағы турақлы қатнаўлары ҳәптесине еки мәрте - пийшемби ҳәм екшемби күнлери "Airbus A320"  самолётларында әмелге асырылады.

Усы тәризде, "Aero Nomad" Ташкент - Бишкек жөнелиси бойынша үшинши авиакомпанияға айланды. Бүгин еки пайтахт арасында тиккелей авиақатнаўларды "Uzbekistan Airways" ҳәм "Centrum Air" да әмелге асырмақта. Келешекте Қырғызстан авиакомпаниясы Өзбекстанда жөнелис тармағын кеңейтиў ҳәм Бишкектен Самарқанд ҳәм Үргеншке қатнаўларды жолға қойыў имканиятын көрип шықпақта.

"Aero Nomad" - Қырғызстан авиакомпаниясы болып, 2021-жылы шөлкемлестирилген ҳәм Бишкек халықаралық аэропортында жайласқан. Тасыўшы "Airbus A320" топарына киретуғын самолётларда турақлы ҳәм чартер рейслерди әмелге асырады.