Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлим етти.

Оқытыўдың сапасын арттырыў мақсетинде билимлендириў бағдарламаларын өзлестириўге бирден-бир талаплар киргизилмекте: ең кем өтиў балы медицина қәнигеликлери ушын 70 процентти, орта медицина хызметкерлерин таярлаў ушын 60 процентти қурайды.

Сондай-ақ, төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етиўдиң ең кем шегарасы кириў тест сынақлары баллының ең көп муғдарының кеминде 60 процентин қурайды. Бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў параметрлери денсаўлықты сақлаў системасының реал талабынан келип шығып қәлиплестириледи.

Сондай-ақ, медицина жоқары оқыў орынлары ушын студентлердиң үзликсиз әмелий таярлығын тәмийинлейтуғын өз ямаса бириктирилген клиникалық базаға ийе болыўы бойынша мәжбүрий талаплар белгиленбекте.

Билимлендириў процесине дәлилли медицина принциплери ҳәм симуляциялық орайларда әмелий көнликпелерди үйретиў мәжбүрий түрде енгизиледи.