Өзлигимиз, қәдириятларымызға қызығыўшылық әндижанлы Нигора Султонованы миллий қуўыршақлар жаратыўға ийтермеледи. Турақлы дөретиўшиликте, излениўде екенинен бахтияр бул ҳаял қол мийнети арқалы өзине тән мәдениятымызды көрсетип атырғанынан қуўанышлы. Қуўыршақларда миллийликке үнлес тәризде заманагөй дизайн элементлери де сәўлелендирилип атырғаны болса өнерменттиң шеберлигинен дәрек береди.

Нигора апа шебер өнермент ғана емес, Әндижанның Жалақудуқ районындағы "Келешек" орайының директоры. Бул жерде миллий қуўыршақлар соғыў дөгерегиниң басшысы сыпатында да ислеп атырғаны оның шаршаў сезимин емес, устазлық абырайынан заўықланыў сезимин арттырады. Бир ўақытта еки ўазыйпаны орынлаў қыйын ғой, шаршамайсыз ба, дегенлерге апаның жуўабы былай: "Керисинше, буннан күш-қуўат аламан. Себеби "Келешек" орайларынан бирине басшылық етип атырғанымнан шексиз мақтанаман".

Мәмлекетимиз басшысы ертеңги күнимиз ийелериниң ҳәр тәреплеме бәркамал өсиўи ушын қанша қаржы керек болса, аямаў керек екенлигин көп атап өтеди. Атап айтқанда, республикамыз бойлап "Келешек" орайларының жумысы жолға қойылыўында да қәбилетли, үмитли жасларға заманагөй шараятларды жаратып бериў мақсет етилген. Оларға Нигора Султанова сыяқлы басшылар ҳәм дөгерек тренерлери тартылады.

Бурын болған "Бәркамал әўлад" балалар мектеби, Оқыўшы жаслар орайы ҳәм "Ёшлик" денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң негизинде бир структура - Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы "Келешек" орайлары шөлкемлестирилди ҳәм усы арқалы елимизде қосымша билимлендириў орайласқан бирден-бир системаға айланды. Бул билимлендириў трансформациясының және бир өзине тән тәрепи сонда, "Келешек" орайларының мектепке шекем түсип ислейтуғын вертикал системасы жаратылып, мектеп кеңесгөйи лаўазымы енгизилди. Усы ўақытқа шекем бундай лаўазым болмаған.

Республикалық "Келешек" орайының директоры Индира Абдукаримованың айтыўынша, мектеп кеңесгөйиниң мойнына балалардың келешеги менен байланыслы әҳмийетли миссия жүкленген. Бундай қәнигелер оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин өз ўақтында анықлап, кәсипке бағдарлаў менен шуғылланады. Сонлықтан, мәсләҳәтшилерге талабанлар еки басқышлы таңлаў тийкарында таңлап алынды. Биринши мәўсимде 15 мың 225 арза келип түскен. Соннан 10 мың 496 сы тест басқышына өткен, 6 мың 106 талабан сәўбетлесиў басқышына жоллама алған. Таңлаў нәтийжелерине бола, бүгин елимиз мектеплеринде 3000 ға шамалас мәсләҳәтши жумыс алып бармақта.

Таңлаўдың екинши мәўсими ушын арзалар қабыллаў жуўмақланды. Улыўма есапта 42 мың 934 талабан бул лаўазымда ислеў тилегин билдирип, арза қалдырған. Бул сан мектепке мәсләҳәт бериўге қызығыўшылық жоқары екенин көрсетеди. Ендиги процесслерде мине усы талабанлар арасынан ең мүнәсиплери сайлап алынады ҳәм олар 7000 нан аслам мектепте жумыс баслайды. Солай етип, республикамыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплери жаңа системаға қамтып алынады.

Бүгин республикамыз бойлап 223 "Келешек" орайының жумысы жолға қойылған. Шөлкемлестирилгенине ярым жыл болған бул орайлар аймақларда оқыўшы-жаслардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин анықлап, раўажландырыў, оларды қосымша билимлендириўге қамтып алыў және заманагөй кәсиплерге бағдарлаўға хызмет етпекте.

"Келешек" орайларындағы 8210 дөгерекке 223 мыңға шамалас оқыўшы тартылған. Бул көрсеткиш системадағы улыўма билим бериў мектеплеринде оқып атырған 6,5 миллион оқыўшының 3,4 процентин қурайды. Балалардың илим, кәсип-өнер, мәлимлеме технологиялары, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарларындағы дөгереклерге талабы жоқары. Дөгереклер оқыўшылардың тек ғана билим алыўы емес, ал әмелий көнликпеси ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыўға да хызмет етпекте.

Қосымша билимлендириў системасының кеңейтилиўи тәжирийбели педагогларға талапты арттырмақта. Ҳәзирги ўақытта "Келешек" орайларында 8018 дөгерек басшысы жумыс алып бармақта. Олардың 3250 (40,5 проценти) жоқары мағлыўматқа ийе. Заманагөй технологиялар ҳәм санлы кәсиплерге қызығыўшылық артып атырғаны ушын да бул бағдарларға маман қәнигелерди тартыў орай ушын әҳмийетли ўазыйпалардан.

"Келешек" орайларының белгили бағдарлар бойынша қәнигелесиўи қосымша билимлендириў системасында сапа ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға хызмет етеди. Бул бағдарда аймақлар кесиминде орынларға шығып, орайлардың ҳақыйқый жағдайы терең талланбақта. Бул таллаўлар нәтийжесинде ҳәр бир аймақтың потенциалы, талабы ҳәм ресурслары есапқа алынып, қәнигелесиў бағдарларын дурыс ҳәм мақсетли таңлаў тәмийинленеди. Сондай-ақ, тәкирарланатуғын ямаса нәтийжелилиги төмен бағдарларды альтернативлестирип, перспективалы ҳәм талап жоқары тараўларға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Нәтийжеде қәнигелескен орайлардың жумысы системалы түрде раўажландырылып, билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги арттырылады. Усы мақсетте аймақлық "Келешек" орайлары бойынша дәслепки басқышта ҳәр бир аймақтан 3, республика бойынша 42 район (қала) орайы таңлап алынды. Бул процесс ҳәр бир аймақтың өзине тәнлиги, талап ҳәм усыныс принципи және бар имканиятлардан келип шығып исленеди.

Оқыў жылы жуўмақланыўына санаўлы күнлер қалды. Ҳәр жылғыдай ата-аналар перзентин үш ай не менен шуғылланыў ҳаққында бас қатырады. Усы мәниде "Келешек" орайлары оларға қандай жәрдем бере алады? Жазғы дем алыс дәўиринде оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ушын нелер режелестирилген?

Индира Абдукаримова "Келешек" орайлары тәрепинен жазғы мәўсим ушын бир қатар қызықлы жойбарлар ислеп шығылғанын мәлим етти. Соның ишинде, "Келешекте дем алыс!", "Келиң ҳәм саяхат етиң!" ҳәм "Жазғы талант академиясы" жойбарлары шеңберинде жазғы дем алыў орайлары шөлкемлестирилмекте. Бул дем алыў орайларында ҳәр қыйлы бағдардағы дөгерек шынығыўлары, көргизбелер, интеллектуаллық ҳәм спорт ойынлары жолға қойылады. Сондай-ақ, оқыўшылар тарийхый музейлер, китапханалар ҳәм дыққатқа ылайық орынларға саяхатқа алып барылады. Сондай-ақ, "пикник" форматындағы ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм саяхатлар арқалы балалардың жәмийетшилик, қарым-қатнас ҳәм социаллық белсендилик көнликпелерин раўажландырыў мақсет етилген. Буннан тысқары, аймақлық "Келешек" орайларында балалар жазғы стационар дем алыў орынлары ҳәм саламатландырыў майданларында жумыс алып барып атырған педагог кадрлар ҳәм жетекшилер ушын аймақлар бойлап 36 саатлық арнаўлы оқыў семинарлары шөлкемлестирилмекте. Семинар-тренинглерде руўхый-ағартыўшылық жумысларды шөлкемлестириў, жетекшилердиң жумысы, дөгерек ҳәм интеллектуал клубларды жолға қойыў, балалар қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы, спорт, туристлик ҳәм ғалабалық илажларды шөлкемлестириў, тәрбиясы аўыр балалар менен ислесиў методлары сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий ҳәм теориялық сабақлар өткерилмекте.

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы