“Adani Group” Ҳиндстанның
ең ири конгломератларынан бири болып, порт ҳәм транспорт логистикасы, электр
энергиясын ислеп шығарыў ҳәм узатыў, қайта тикленетуғын энергетика, газ
тәмийнаты, аэропортларды басқарыў ҳәм санаат өндириси тараўларында жумыс алып
барады.
Сөйлесиўлер ўақтында
тәреплер инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм гидроэнергетика, таў-кән
санааты, инфраструктура ҳәм көшпес мүлк тараўларында қоспа жойбарларды әмелге
асырыў перспективаларын додалады. Сондай-ақ, Ҳиндстан тәрепине келешекте
биргеликте ислеп шығыў ушын перспективалы басламалар таныстырылды.
Ушырасыў жуўмағында “Adani Group” ўәкиллери
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаратылған инвестициялық
орталықты жоқары баҳалап, бир қатар бағдарларда әмелий бирге ислесиўди
раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
Тәреплер перспективалы жойбарларды биргеликте алға
қойыў ҳәм келешектеги бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыўға келисип алды.