“Салық” мобиль қосымшасында
“Сыйлық ойынлары” платформасы енгизилип, ҳәр айдың жуўмағы бойынша жеңимпазлар
келеси айдың 5-сәнесине шекем инсан факторысыз анықланады.
Таңлаўдың нызамлы
өткерилиўин қадағалаў ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў бойынша Комиссия дүзиледи.
Айма-ай өткерилип атырған ойынлардың жеңимпазлары
ушын бас сыйлық - автомобиль болып есапланады. Буннан тысқары басқа да
хошаметлеўши сыйлықлар нәзерде тутылыўы мүмкин.
Онда, ай жуўмағы бойынша сатып алынған сумманың 1
процентин белгиленген тәртипте қайтарыў бойынша әмелдеги механизм сақлап
қалынады.
Бул басламаның әмелге асырылыўы фискал тәртипти
хошаметлеў, есап-санақлардың ашық-айдынлығын арттырыў, халық ҳәм исбилерменлик
субъектлери арасында онлайн-касса техникаларынан пайдаланыў мәдениятын
раўажландырыўға қаратылған.