Мәмлекетимизде киши ҳәм орта бизнес реформалардың тийкарғы драйверине айланған бир ўақытта исбилерменлик жумысына нызамсыз араласыўларды шеклеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып қалмақта.

Президентимиздиң 2026-жыл 17-апрельдеги "Исбилерменлик жумысына нызамсыз араласыўларды шеклеў ҳәм қадағалаў илажларының ашық-айдынлығын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында нәзерде тутылған "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасы мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириўдиң пүткиллей жаңа басқышын баслап бермекте. Бул система арқалы исбилерменлик субъектлериниң жумысы үстинен қадағалаўдың дәстүрий, көп жағдайларда инсан факторына байланыслы болған усылларынан ўаз кешилип, олардың орнына толық санластырылған, ашық-айдын ҳәм есап бериўши механизм енгизилмекте.

Бул системаның тийкарғы мәниси сонда, ол исбилерменлик жумысына байланыслы уйымлардың жумысы үстинен де қадағалаў орнатыў имканиятын береди. Яғный биринши мәрте "қадағалаў үстинен қадағалаў" принципи әмелиятқа енгизилмекте. Енди ҳәр қандай тексериў, оның мақсети, ҳуқықый тийкары ҳәм өткерилиў тәртиби алдыннан санлы платформада дизимге алынады ҳәм қадағаланады. Бул болса тексериў процесиниң тийкарсыз шөлкемлестирилиўине дерлик имканият қалдырмайды.

Пәрманға муўапық, ҳәр қандай тексериў тек ғана электрон рухсатнама тийкарында өткериледи. Бул руқсатнама тексериўдиң өзине тән "паспорты" болып, онда тексериўди өткериўши орган, жуўапкер лаўазымлы шахс, тексериўдиң мақсети, шеңбери ҳәм мүддети анық белгилеп қойылады. Усы тәризде тексериў процеси анық шегаралар шеңберинде өткерилиўи тәмийинленеди ҳәм тексериўшилердиң ўәкиллик шеңберинен шығып кетиўине жол қойылмайды.

Системаның және бир әҳмийетли тәрепи тексериўлерди "Бизнес қорғаў" QR коды арқалы идентификациялаў механизми болып есапланады. Бул арқалы исбилермен тексериўдиң нызамлылығын еркин тексериў имканиятына ийе болады. Егер тексериў усы мәлимлеме системасында дизимге алынбаған болса ямаса тийисли рухсатнама болмаса, исбилермен оны қабыл етпеў ҳуқықына ийе. Бул болса исбилерменди қадағалаў процесинде пассив субъекттен актив қатнасыўшыға айландырады ҳәм ҳуқықый қорғаўын күшейтеди.

"Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" системасы тексериўлерди реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканиятын да береди. Енди ҳәр бир тексериўди онлайн бақлап барыў, тийкарсыз ямаса нызам талапларына қайшы жағдайларды жедел анықлаў ҳәм зәрүр илажлар көриў мүмкин.

Система инсан факторын минималластырыў арқалы коррупция қәўпин азайтыўға қаратылған. Барлық процесстиң санластырылыўы, қарарлардың электрон из қалдырыўы ҳәм турақлы мониторинг етилиўи нызамсыз араласыўлар, тийкарсыз тексериўлер ҳәм лаўазымлы шахслардың өз мәпине пайдаланыў жағдайларын шеклейди. Нәтийжеде мәмлекетлик қадағалаў системасы әдил ҳәм ашық-айдын механизмге айланады.

Бул мәлимлеме системасы исбилерменлер ушын да пүткиллей жаңа имканиятларды ашады. Атап айтқанда, олар тексериў ҳаққында алдыннан хабардар болыў, тексериўдиң нызамлылығын билиў, нызамсыз ҳәрекетлерге унамсыз жуўап бериў ҳәм өз ҳуқықларын санлы тийкарда қорғаў имканиятына ийе болады.

Улыўма алғанда, "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасы мәмлекет ҳәм исбилерменлик субъектлери арасындағы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады. Ол арқалы қадағалаў процесслери жазалаўшы емес, ал тәртипке салыўшы ҳәм профилактикалық механизмге айланады. Ең әҳмийетлиси, бул система исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, артықша ҳәкимшилик басымнан қорғаў ҳәм мәмлекетте саламат бизнес орталығын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Нызамсыз тексериўлерге маўасасызлық принципи усы пәрманның ең қатаң ҳәм принципиаллық нормаларынан бири болып, исбилерменлик жумысына тийкарсыз араласыўларға пүткиллей шек қойыўды нәзерде тутады. Бул қатнас арқалы мәмлекет исбилерменди қорғаў бағдарында пүткиллей жаңа позицияны ийелемекте, яғный нызамсыз тексериўлерге ҳеш қандай келисимге жол қойылмайтуғыны ашық-айдын белгилеп қойылмақта.

Бул принциптиң мәниси сонда, енди белгиленген тәртип ҳәм санлы системадан тысқары өткерилген ҳәр қандай тексериў автоматикалық түрде нызамсыз деп табылады. Яғный тексериў "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында дизимнен өтпеген, тийисли электрон рухсатнамаға ийе болмаған ямаса белгиленген тәртипке әмел етилмеген жағдайларда нәтийжеси ҳуқықый күшке ийе болмайды. Бул болса исбилерменлерди тийкарсыз тексериўлерден қорғаўды түп-тийкарынан күшейтеди.

Ең әҳмийетли тәрепи сонда, бул принцип исбилерменге нызамсыз тексериўди қабыл етпеў ҳуқықын береди. Алдын әмелиятта исбилермен көп жағдайларда тексериўшиниң талапларына бойсыныўға мәжбүр болған. Енди ол нызамға сүйенип, бундай тексериўди бийкарлаўы мүмкин. Бул болса исбилерменниң ҳуқықый статусын сезилерли дәрежеде беккемлейди ҳәм оның жумысына тийкарсыз араласыўларды кескин азайтады.

Бул принциптиң және бир әҳмийетли тәрепи профилактикалық тәсири болып табылады. Яғный қадағалаў уйымларының хызметкерлери тексериўди баслаўдан алдын оның нызамлы тийкарлары, тәртиби ҳәм ақыбетлери ҳаққында терең ойлап көриўге мәжбүр болады. Себеби ҳәр қандай нызамсыз ҳәрекет санлы системада дизимге алынады ҳәм жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин. Бул болса тийкарсыз тексериўлер санын сезилерли дәрежеде азайтады.

Сондай-ақ, бул қатнас мәмлекет ҳәм исбилермен арасындағы қатнасықларды да сапа жағынан өзгертеди. Бақлаў процесинде исеним, ашық-айдынлық ҳәм нызамлылық тийкарғы әҳмийетке ийе. Исбилермен өз жумысын қәўипсиз ҳәм турақлы орталықта әмелге асырыў имканиятына ийе болады. Бул болса инвестициялық тартымлылықты арттырыўға да хызмет етеди.

Пәрманда бурын әмелиятта анық шекленбеген, көп жағдайларда надурыс талланған мәселелерден бири - мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасындағы қарым-қатнас түсинигине ҳуқықый анықлық киргизилди. Оған бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасындағы ҳәр қандай ушырасыў, мәсләҳәтлесиў ямаса түсиндириў жумыслары қадағалаў илажы болып есапланбайды ҳәм бул процесстен тексериў ямаса басым өткериў қуралы сыпатында пайдаланыўға жол қойылмайды.

Бул принциптиң енгизилиўи мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы қатнасықлар философиясын түп-тийкарынан өзгертеди. Бурын әмелиятта "ушырасыў" ямаса "үйрениў" нықабы астында тексериў элементлери араласып кеткен жағдайлар ушырасып турғаны сыр емес. Бул болса исбилерменлерде мәмлекетлик уйымларға итибарлылық, гейде исенимсизлик орталығын қәлиплестирген. Жаңа қатнас усы унамсыз әмелиятларды сапластырыўды нәзерде тутады.

Мәмлекетлик уйымлар исбилерменлер менен сөйлесиўде қадағалаў функциясынан ўаз кешип, мәсләҳәтши ҳәм шерик сыпатында қатнасыўы керек. Бул сөйлесиўден мақсет исбилерменлик жумысын тексериў емес, ал оған жәрдемлесиў, түсиник бериў, ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў ҳәм жүзеге келип атырған машқалаларды биргеликте шешиўден ибарат болады.

Соның менен бирге, бул принцип сөйлесиў процесиниң де ашық-айдын ҳәм тәртипли болыўын нәзерде тутады. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасындағы ушырасыўлар тийисли мәлимлеме системаларында дизимге алыныўы, олардың мақсети ҳәм мазмуны анық белгилениўи керек. Бул болса байланыс нықабы астында қадағалаў ямаса басым өткериў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.

Бул принцип мәмлекетлик уйымлардың жумысына да жаңа талаплар қояды. Енди олар тек ғана қадағалаўшы емес, ал хызмет көрсетиўши, түсиндириўшилер ҳәм қоллап-қуўатлаўшы институт сыпатында жумыс алып барыўы керек. Бул болса мәмлекетлик басқарыўда хызмет көрсетиў мәденияты ҳәм сапасын арттырыўда оғада әҳмийетли.

Улыўма алғанда, бул исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған заманагөй көзқарас болып, мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығады. Усы тәризде байланыс басым қуралынан бирге ислесиў механизмине айланады. Нәтийжеде исбилерменлик орталығында исеним, ашық-айдынлық ҳәм турақлылық тәмийинленеди. Бул болса мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратады.

Пәрманда мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўдың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында мәмлекетлик хызметлерде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Бул принцип мәмлекетлик уйымлардың жумысын ашық-айдын, түсиникли ҳәм есап бериўши етиў арқалы исбилерменлик субъектлери ушын әдил ҳәм болжанатуғын орталық жаратыўға қаратылған.

Мәмлекетлик хызметлерде ашық-айдынлық принципи пәрманның әҳмийетли бағдарларынан бири болып, ол мәмлекет ҳәм бизнес арасында исенимли, ашық-айдын ҳәм әдил қатнасықларды қәлиплестириўге хызмет етеди. Бул болса жаңа Өзбекстан шараятында заманагөй, нәтийжели ҳәм инсан мәплерине бағдарланған мәмлекетлик басқарыўды қурыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Пәрман шеңберинде исбилерменлик субъектлерин қорғаўдың институционаллық тийкарларын беккемлеў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Бул процессте Бизнес-омбудсман институтының роли сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул институт енди тек ғана мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыў менен шекленип қалмастан, исбилерменлик орталығында нызамлылықты тәмийинлеўши, қадағалаў уйымларының жумысы үстинен системалы мониторинг алып барыўшы және мәмлекет ҳәм бизнес арасында институционаллық тең салмақлылықты тәмийинлеўши орайлық механизм сыпатында көзге тасланбақта.

Алдын әмелиятта Бизнес-омбудсман көбирек реактив функцияны атқарған, яғный исбилермен ҳуқықлары бузылғаннан кейин араласқан институт сыпатында жумыс алып барған болса, жаңа көзқарас оны проактив, яғный алдыннан тәсир көрсететуғын институтқа айландырмақта. Бул болса ҳуқықбузарлықларды сапластырыўдан гөре, олардың алдын алыўға, жеке жағдайларды көрип шығыўдан гөре системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыўға, ақыбетлер менен гүресиўден гөре себеплерди сапластырыўға бағдарланған қатнасты аңлатады.

"Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасы менен интеграция усы институтқа пүткиллей жаңа имканиятлар жаратады. Енди ол тексериўлердиң нызамлылығын онлайн тәризде таллаў, тийкарсыз араласыўларды ерте анықлаў, қадағалаў уйымларының жумысын баҳалаў ҳәм тийисли илажлар көриў бойынша баслама көрсетиў имканиятына ийе болады. Бул болса әмелде еки басқышлы қорғаў механизмин қәлиплестиреди.

Бизнес-омбудсман институтының және бир әҳмийетли ўазыйпасы - системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларға институционаллық тәсир көрсетиўден ибарат. Ол тәкирарланыўшы ҳуқықбузарлық жағдайларын таллайды, нызамшылықтағы бослықлар ҳәм қарама-қарсылықларды анықлайды және оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығады.

Соның менен бирге, бул институт мәмлекет ҳәм исбилермен арасында теңсалмақлылықты тәмийинлеўши механизм сыпатында да жумыс алып барады. Ол бир тәрептен исбилерменлерди қорғаса, екинши тәрептен мәмлекетлик уйымлардың нызамлы талапларын әмелге асырыўға жәрдемлеседи.

Мәлимлеме технологияларының енгизилиўи Бизнес-омбудсман жумысының нәтийжелилигин және де арттырады. Мүрәжатларды қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм мониторинг етиў процесслери санлы түрге өтеди. Бул болса жеделлик ҳәм қалыслықты тәмийинлейди.

Ең әҳмийетлиси, бул институт исбилерменлер ушын исенимли ҳуқықый қорғаў механизмине айланады. Улыўма алғанда, Бизнес-омбудсман институтының ролиниң күшейтилиўи исбилерменлик орталығын қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди ҳәм мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығады.

Абдуманноп БУРИЕВ,

Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил - бизнес-омбудсман