Усы мәнисте, ғәрезсизлик байрамы тек ғана ҳуқықтың тән алыныўы емес, ал ең әзиз байрам болып есапланады. Мине, 35 жылдан берли, бул сәнени көп миллетли халқымыз үлкен салтанат пенен белгилеп келмекте.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 1-апрельдеги
"Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын кеңнен
белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарары қутлы сәнеге
мүнәсип таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша кең көлемли илажларды қамтып алғаны
менен бирге жаңа Өзбекстанымыздың абырай-мәртебесин, қүдиретин және де
жоқарылатыў, бул бағдардағы жетискенликлеримизди кеңнен сәўлелендириўге
қаратылған.
Соның ишинде, миллий ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығын
жаңа Өзбекстанның бүгинги үлкен потенциалы ҳәм жәҳән майданындағы абырайына
муўапық жоқары дәрежеде, мүнәсип белгилеў мақсетинде елимиздиң тынышлығы ҳәм
шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын қорғаныў
системасын беккемлеў бағдарындағы реформаларды сәўлелендириў айрықша ўазыйпа
сыпатында белгиленди.
Усы жерде Қураллы Күшлер мәмлекеттиң ғәрезсизлиги,
аймақлық пүтинлиги, шегаралардың қол қатылмаслығы, халқымыздың тыныш ҳәм татыў
турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепилине айланып бармақта. Бул армия Ўатан
шегараларын қорғаў менен шекленип қалмай, келешек әўлад ушын мәртлик ҳәм
пидайылық үлгиси болып хызмет етпекте.
Қәўипсизлик кеңесиниң усы жыл 13-январь күни
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат
Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген кеңейтилген мәжилисинде регионаллық ҳәм
глобаллық жағдайды турақлы таллап барыў, миллий армиямыздың потенциалын
беккемлеў дәўир талабы екени, Өзбекстан армиясы халықты қорғаўға бәрқулла таяр
турыўы, оның ушын оператив, жоқары технологиялы, жаңа урыс шараятларына сәйкес
болыўы керек екенлиги айрықша атап өтилген еди.
Соңғы жыллары әскерий тараўда кең көлемли
модернизация әмелге асырылды: әскерлер заманагөй қурал-жарақ, жаўынгерлик
техника, оқ-дәри, коммуникация ҳәм бақлаў қураллары менен тәмийинленди. Әскерий
авиацияда жаңа түрдеги вертолёт ҳәм самолётлар өзлестирилди, ҳаўа қорғаныў
системасына заманагөй зенит-ракета комплекслери енгизилди. Полигонларда реал
жаўынгерлик шараятқа жақын шынығыўлар, әскер түрлери арасында биргеликтеги
операциялар, тактикалық ҳәм стратегиялық оқыўлар турақлы өткериле баслады.
Бүгинги Өзбекстан армиясының оперативлиги, анықлығы,
тәртиби ҳәм технологиялық потенциалы мине усы избе-из модернизация сиясатының
тиккелей нәтийжеси болып есапланады. Жаңа техникалар, санлы басқарыў системалары,
биргеликте ислесиўши әскер түрлери ҳәм маман әскерий кадрлар мәмлекетимиз
Қураллы Күшлерин Орайлық Азиядағы ең исенимли ҳәм жедел раўажланып атырған
қорғаныў системаларынан бирине айландырды.
Бул бағдардағы реформалардың тийкарғы мазмун-мәниси
заманагөй басқарыў ҳәм муўапықластырыў принциплерин енгизиў, әскерлерди
басқарыў системасын жетилистириў, сондай-ақ, әскерлерди алдынғы, жоқары
технологиялық қурал-жарақ ҳәм әскерий техника үлгилери менен басқышпа-басқыш
тәмийинлеўден ибарат.
Соның менен бирге, жеке қурамның руўхый-ағартыўшылық
таярлығына қатнаслар түп-тийкарынан жаңаланды. Миллий армиямыз жасларды
ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мәртлик ҳәм абырай мектебине айланды.
Тийкарғысы, "Халық ҳәм армия - бир тән, бир жан" принципи әмелде
енгизилип, тараўдың раўажланыўына жаңаша күш ҳәм сапа бағышламақта. Әскерий
хызметкерлерде жоқары ўатансүйиўшилик руўхы, беккем ерк-ықрар, жоқары
жуўапкершилик сезими және кәсиплик шеберликти турақлы арттырып барыўға айрықша
итибар қаратылмақта.
Жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстан
Республикасы Қураллы Күшлери елимиздиң мәмлекетлик суверенитетин ҳәм аймақлық
пүтинлигин, халықтың тыныш турмысы ҳәм қәўипсизлигин қорғаў ушын дүзилетуғыны
белгилеп қойылды.
Әскерий хызметкерлер ҳәм шаңарақ ағзалары,
ветеранлардың социаллық қорғалыўы күшейтилгени нәтийжесинде әскерлердиң
жаўынгерлик таярлық нәтийжелилиги, әскерий хызметкерлердиң профессионаллығы,
жаўынгерлик руўхы ҳәм психологиялық таярлығы сезилерли дәрежеде артты. Олар
ушын мүнәсип хызмет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў, социаллық кепилликлерди
күшейтиў арқалы армияның жәмийеттеги абырайын арттырыўға ерисилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әскерий
жоқары билимлендириў системасы қайта көрип шығылды ҳәм сапа жағынан жаңа
басқышқа алып шығылды. Әскерий мәкемелердиң жумысында кадрларды алдынғы
технологиялар тийкарында таярлаў бойынша жаңа система енгизилди. Соның ишинде,
Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң шөлкемлестирилиўи бул
бағдардағы әҳмийетли реформалардан бири болды. Нәтийжеде жоқары маманлықтағы,
заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе әскерий кадрлар таярлаў имканияты және де
кеңейди.
Билимлендириў процесине оқытыўдың алдынғы санлы
технологиялары, соның ишинде, жасалма интеллектке тийкарланған ҳәм заманагөй
баҳалаў системалары енгизилгени әскерий кадрлар таярлаўдың сапасын жаңа
басқышқа алып шықты.
Жаңа редакциядағы "Өзбекстан -
2030" стратегиясы
тийкарында бул бағдарда басланған жумыслар енди пүткиллей жаңа сапа басқышына көтериледи. Атап айтқанда, Қураллы Күшлердиң санлы потенциалын арттырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў бағдарындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға тийкарғы әҳмийет бериледи.
Усы жыл 6-апрель күни елимиздиң қорғаныў қәбилетин
беккемлеў ҳәм әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша
өткерилген мәжилисте де бул бағдарда бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
Бүгин мәмлекетимизде жаслар мәселеси мәмлекетлик
сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Жигит-қызлардың
заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи және бәнтлигин ҳәр тәреплеме
қоллап-қуўатлаў бойынша избе-из реформалар даўам еттирилмекте. Атап айтқанда,
Қәўипсизлик кеңесиниң усы жыл 13-январь күни өткерилген кеңейтилген мәжилисинде
әскерий хызметтиң абырайын буннан былай да арттырыў ҳәм жаслардың жәмийетте
мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген
еди. Бул бағдардағы реформалардың логикалық даўамы сыпатында мүддетли әскерий
хызметке шақырылған жасларды кәсипке үйретиў ҳәм сапалы билим алыўы ушын шараят
жаратыў және армияда китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыўға қаратылған
ҳүжжетлерге қол қойылды.
2026/2027-оқыў жылынан баслап мүддетли әскерий
хызметке шақырылған жасларға бир қатар жеңилликлер ҳәм кепилликлер берилиўи
нәзерде тутылмақта. Енди мүддетли әскерий хызметкерлер ушын әскерий хызмет
дәўиринде жоқары оқыў орынларына оқыўға кирип, аралықтан билим алыў имканияты
жаратылмақта. Бул процессте әскерлер ушын билимлендириў шөлкемлери менен
биргеликте әскерий бөлимлерде бес тийкарғы пән бойынша абитуриентлерди таярлаў
курслары ашылады. Жоқары оқыў орынларының кириў имтиханларына таярлаў системасы
жолға қойылады.
Шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген әскерлерге
болса процентсиз жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Ең әҳмиетлиси, жоқары
билимлендириў мәкемелерине қабыл етилген әскерлер әскерий факультетлердиң
студентлерине теңлестирилип, оқыўды тамамлағаннан соң оларға резервтеги
лейтенант әскерий атағы бериледи. Үлгили хызмет атқарған, республикалық ҳәм
халықаралық спорт жарысларында және пән олимпиадаларында биринши орынды ийелеген
әскерлерди тест сынақларысыз оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленбекте.
Енгизилип атырған жеңилликлерден және бири -
әскерлер ушын әскерий хызмет даўамында "Бир әскер -
бир кәсип" принципи тийкарында 3-6 айлық оқыў курслары шөлкемлестирилип, оларға мәмлекетлик үлгидеги арнаўлы сертификат берилиўи болып есапланады.
Мүддетли әскерий хызмет енди тек физикалық таярлық
емес, ал жаслар ушын өмирдеги табыс жолына айланып, жәмийетте өз орнын табыўында
беккем тийкар болып хызмет етеди. Ең тийкарғысы, жаңа Өзбекстанның раўажланыўы
ушын жоқары билимли, қәнигели ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе
ўатансүйгишлердиң резерви қәлиплестириледи.
Улыўма алғанда, кең көлемли реформалар мәмлекетимизде
әскерий қурылыстың пуқта ойланған комплексли ҳәм избе-из модели қәлиплесип
атырғанынан дәрек береди. Оның орайында болса заманагөй, профессионал, жоқары
жаўынгерлик потенциалға ийе, жәмийетлик исенимге ерискен ҳәм ҳәр қандай
қәўип-қәтерлерге нәтийжели жуўап бере алатуғын Қураллы Күшлер тур. Бундай армия
болса, әлбетте, мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўының ең
исенимли кепили болып есапланады.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы