Әмиўдәрья районы "Ташқала" мәкан пуқаралар жыйынында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары менен ислесиў системасы унамлы нәтийже берип келмекте. Мәҳәлледе жәми 630 үй бар болып, оларда 950 шаңарақ жасайды. Улыўма халық саны 3345 адам. Салыстырмалы үлкен аймақта жасайтуғын инсанлардың машқаласы, қуўанышы ҳәм тәшўиши тиккелей мәҳәлле белсендилери, атап айтқанда, социаллық хызметкерлердиң турақлы итибарында.
Мәҳәллениң социаллық хызметкери Дониёр Жумамуродовқа мине усындай үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпа жүкленген. Ол халықтың 12 түрли қатламы менен системалы түрде ислеп, мүтәж инсанларға мәмлекеттиң ғамқорлығын жеткериўде әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқармақта.
- Социаллық қорғаў системасының ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири - өзгелердиң күтимине мүтәж, жалғыз жасайтуғын инсанларды қоллап-қуўатлаў. Ташқала мәҳәллесинде усындай категорияға киретуғын бир адам жасайды. Оған турақлы түрде зәрүр турмыслық ҳәм медициналық хызмет көрсетилип келинбекте, - дейди Дониёр Жумамуродов. - Сондай-ақ, 2-категория, яғный майыплығы болған шахслар менен ислесиў де бәрқулла дыққат орайымызда. Мәҳәллемизде майыплығы болған 109 шахс дизимге алынған. Олар жағдайы ҳәм зәрүрлигинен келип шығып, тийисли топарларға ажыратылған. Буннан тысқары, аймағымызда майыплығы болған 17 бала да жасайды. Олардың барлығына индивидуал қатнас жасалып, медициналық, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетилмекте.
Халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында кем тәмийинленген шаңарақлар менен ислесиў системасы да ашық-айдын ҳәм әдил тийкарда шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде мәҳәлле бойынша жәми 70 шаңарақ арнаўлы социаллық реестрге киргизилген болып, олардың турмыс шараятын жақсылаў илажлары көрилмекте. Бул шаңарақлардың 23 и тиккелей мәмлекет тәмийнатына алынған. Сондай-ақ, 34 кәмбағал шаңарақ ҳәм кәмбағаллық шегарасындағы 13 шаңарақ дизими қәлиплестирилген. Оларды мүтәжликтен алып шығыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат дәреклерин жаратыў бойынша мақсетли бағдарламалар турмысқа енгизилмекте.
- Ертеңги күнимиз ийелери болған балалардың тәғдири, әсиресе, ата-анасы сырт елге мийнет миграциясына кеткен жас өспиримлер де социаллық жақтан қорғаўға алынған. Мәҳәллемизде жәми 9 усындай бала жасайды. Қараўсыз қалыўына жол қоймаў мақсетинде оларға нызамлы ўәкил, яғный қәўендер ямаса әменгер тайынланған. Ҳәр шеректе жасаў шараятлары, билим алыўы ҳәм руўхый жағдайы терең мониторинг етиледи. Балалардың меҳир ҳәм итибар қушағында, қәўипсиз орталықта камалға келиўи ушын барлық зәрүр илажлар көрилмекте, - дейди Дониёр Жумамуродов.
Әмиўдәрья районындағы Ташқала мәҳәллесиндеги бундай кең көлемли социаллық жумыслар мәмлекеттиң халықшыл сиясатының әмелдеги айқын көриниси болып есапланады.
Мәнзилли ҳәм турмыслық социаллық қорғаўдың нәтийжеси
Ҳәр бир жәмийеттиң социаллық келбети, бәринен бурын, оның халықтың жәрдемге мүтәж қатламларына көрсетип атырған итибары, меҳир ҳәм ғамхорлығы менен өлшенеди. Бүгинги күнде елимиз бойлап мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы арқалы ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқара мәмлекеттиң турақлы итибары ҳәм социаллық қорғаўына қамтып алынбақта.
Әмиўдәрья районындағы "Жоқары аўыл" мәҳәллесинде де бул бағдарда кең көлемли, системалы ҳәм нәтийжели жумыслар исленбекте. Аймаққа бириктирилген социаллық хызметкер Дилдора Кенжаева өз кәсибине пидайылық пенен қатнас жасамақта.
- Жоқары аўыл мәҳәллесинде жәми 624 үйде 763 шаңарақ ҳәм 2438 халық жасайды. Бул санлардың артында сонша инсанның тәғдири, арзыў-нийетлери ҳәм әлбетте, ҳәр қыйлы социаллық мүтәжликлери жатыр, - дейди Дилдора Кенжаева. - Мәҳәллемизде майыплығы болған жәми 77 шахс жасайды. Ҳәзирги күнде социаллық реестрге аймақтағы 59 шаңарақ киргизилген. Олардың 10 ы толық мәмлекет тәмийнатында, 39 ы кәмбағал, 10 ы болса кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ. Берилип атырған мақсетли жәрдемлер олардың турмыс тәризин жақсылаўға ҳәм қыйыншылықларды жеңип өтиўине хызмет етпекте.
Бүгинги күнде ата-анасы сырт елде мийнет миграциясында жүрген 22 балаға қәўендерлик ямаса әменгерлик тайынланған. Меҳир ҳәм итибарға мүтәж бул балалар қараўсыз ҳәм қадағалаўсыз қалмаўы ушын олардың жасаў жағдайы турақлы түрде, ҳәр шеректе мониторинг етилип келинбекте.
Әмиўдәрья районындағы бундай мәнзилли ҳәм турмыслық социаллық қорғаў илажлары инсан қәдирин улығлаўдай ийгиликли мақсетке хызмет етпекте. Социаллық хызметкерлердиң жуўапкершиликли ҳәм нәтийжели жумысы себепли ҳәр бир шаңарақ мәмлекеттиң итибарында.
Жәрдемге мүтәж шаңарақ балаларына емлениў ушын ваучер
Мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған күшли социаллық сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири, сөзсиз, инсан саламатлығын сақлаў, келешегимиз ийелери болған балалардың саламат ҳәм бәркамал болып камалға келиўин тәмийинлеў болып есапланады. Президент қарарына муўапық, республикамыз бойлап әмелге асырылып атырған қайыр-сақаўат илажлары шеңберинде медициналық-социаллық қорғаўға мүтәж қатламға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, аўыр кеселликке шалынған, бирақ өз ўақтында зәрүр илажлар көрилсе, майыплықтың алдын алыў мүмкин болған кеселликлерди жедел емлеў мәселеси күн тәртибиндеги әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленеди. Бул арқалы көплеген балалардың денсаўлығын тиклеў ҳәм келешекте толық турмыс кешириўи ушын беккем тийкар жаратыў мақсет етилген.
Бул ийгиликли басламаның орынлардағы орынланыўы қатаң қадағалаўға алынған болып, аймақлардағы медицина мәкемелери арқалы мәнзилли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Әмиўдәрья районында да усы қарардың орынланыўы шеңберинде кең көлемли әмелий жумыслар баслап жиберилген. Оператив жол менен емлениў арқалы майыплықтың алдын алыў мақсетинде Әмиўдәрья районына жәми 58 арнаўлы ваучер ажыратылған. Бул ваучерлер тек ғана бийғәрез қаржылай жәрдем емес, ал ата-аналар ушын перзентлериниң саламат келешегине болған үмит белгиси болып есапланады. Бүгинги күнге шекем районда бул бағдардағы үйрениўлер ҳәм медициналық жуўмақлар тийкарында жәми 27 балаға ваучерлер тапсырылды ҳәм оператив емлениўи ушын зәрүр шараятлар жаратылды.
Жоқарыдағы қарарға муўапық, мәмлекетимизде аўыр ҳәм майыплыққа алып келиўши кеселликлерге шатылған 10 мың балада хирургиялық операция өткериў, онкологиялық, гемотологиялық ҳәм онкогематологиялық диагноз қойылған 2,3 мың наўқасты медициналық тексериўден өткериў, оларды емлеў ҳәм хирургиялық операцияны өткериў, кеминде 350 наўқаста баўыр ҳәм бүйрек трансплантациясы әмелиятын өткериў, социаллық қорғаўға мүтәж балалардың аманат есап бетлерине 200 АҚШ доллары муғдарында пул қойыў қәрежетлерин қаплаў, қалаберди, 500 мешитте заманагөй таҳаратханаларды қурыў, реконструкциялаў ямаса оңлаў нәзерде тутылған.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер шөлкемлер ҳәм маман медицина хызметкерлери тәрепинен гезектеги тереңлестирилген медициналық тексериў процесслери избе-излик пенен даўам еттирилмекте. Усы тексериўлердиң нәтийжесине бола, шыпакерлер тәрепинен усыныс етилген ҳәм хирургиялық операцияға мүтәж деп табылған балалар ваучерлер менен тәмийинленеди.
Инсан қәдири улығланған елде саламат әўладты камалға келтириў жолындағы бундай ҳәрекетлер, әлбетте, миллет генофондын сақлаў ҳәм айдын келешекти қурыўда өз нәтийжесин беретуғыны сөзсиз.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы