Елимиздиң ең күшли қылышпазлары Ташкентте жыйналды

Ташкентте қылышласыў бойынша үлкенлер арасында Өзбекстан чемпионаты басланды. 8-майға шекем даўам ететуғын жарыста елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли спортшылар қатнаспақта. Бириншилик Халықаралық қылышласыў федерациясы тәрепинен енгизилген жаңа қағыйдалар тийкарында өтпекте.

Итибарлы тәрепи, жарысларға ашық-айдын ҳәм қалыс төрешилик етиў мақсетинде сырт ел реферилери тартылған.

Конкур бойынша халықаралық турнир жуўмақланды

Ташкентте конкур бойынша жәҳән кубогиниң аймақлық басқышы жуўмақланды. Жарыстың соңғы күнинде жерлеслеримиз 1 гүмис ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизди.

Гүмис медаль:

115 см: Лочин Тоҳиржонов («Golden Star»)

Бронза медаллары:

130 см: Мирёқуб Исмоилов («Just Perfect»)

115 см: Фаррух Усмонов («Bucephal»)

6 тосқынлықлы жөнелис: Ашрафхон Негматов («Casamira»)