"Биз Сизди бай тәжирийбеге ийе, өз халқының ҳүрмет-иззетине ерискен белгили мәмлекетлик ғайраткер сыпатында жақсы билемиз. Сизиң исенимли сиясий жетекшилигиңиз ҳәм беккем ерк-ықрарыңыз себепли Америка Қурама Штатларының халықаралық майдандағы абырайы ҳәм қүдирети избе-из беккемленип атырғанын айрықша атап өтпекшимен", делинеди хатта.
Өзбекстан менен АҚШ арасындағы қатнасықлардың бүгинги пәтине айрықша итибар қаратылды. Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм улыўмалық мәплерге тийкарланған байланыслар кейинги жылларда избе-из раўажланып, жаңа сапа ҳәм мазмун менен байып атырғаны атап өтилди.
- Бүгин Өзбекстан - АҚШ қатнасықлары ҳәр қашанғыдан да беккем ҳәм әмелий көриниске ийе болмақта, - деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ашық ҳәм конструктивлик бирге ислесиўге умтылып атырған мәмлекет сыпатында АҚШ пенен көп қырлы байланысларды стратегиялық шериклик тийкарында және де тереңлестириўден мәпдар екенин атап өтти. Атап айтқанда, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Президентимиз Дональд Трамптың тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған халықаралық ҳәрекетлерин жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Ҳәр қыйлы халықаралық ҳәм регионаллық платформалар шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиў буннан былай да раўажланып, жаңа әмелий нәтийжелер менен байып баратуғынына исеним билдирилди.
Стратегиялық шерикликтиң перспективалы бағдарларын ҳәр тәреплеме додалаў мақсетинде Президентимиз америкалы кәсиплесин Өзбекстанға дәслепки тарийхый сапар менен келиўге мирәт етти.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Дональд Трампқа беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, дос Америка халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм абаданлық тиледи.