Бүгин бизнес ўәкиллери мәмлекетимиздиң ең үлкен күши, мәмлекет болса исбилерменлердиң тийкарғы сүйениши болмақта. Мине, усы өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик елдиң раўажланыўы, шаңарақлардың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Нурабад мәҳәллеси Сайхунабад районының ең шетки аймақларынан бири. Елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы алдынан аймақта 50 орынлық жаңа жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс баслады. Бул мәҳәлле халқы ушын ҳақыйқый саўға болды. Енди жақын әтираптағы балалар заманагөй шараятқа ийе, инновациялық усылларда шынығыўлар өткерилетуғын жаңа бақшада тәлим-тәрбия алады. Ийгиликли истиң баслаўшысы болса сырдәрьялы исбилермен Замира Салимова.

Ҳаялдың өзи Мирзаобод районында жасайды. Исбилерменлик жумысын 2019-жылы усы районда 25 орынлық шаңарақлық бақша шөлкемлестириўден баслаған. Арадан көп өтпей, Гүлистан қаласында да 35 орынлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысын жолға қойды. Бүгин нақ үш бақшаға басшылық етип киятыр. Нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығаратуғын цехы да бар. Аймақтағы 50 ге шамалас ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген. Бүгин бул ҳаял көзге көринген исбилерменлерден. Бир ўақытлары бул жумыс оның әрманы болған. Елимизде жаратылған қолайлы исбилерменлик орталығы, қалаберсе, ҳаял-қызларға жаратылып атырған шараятлар, жеке меншик бизнеске кеңнен жол ашыў, барлық тараўдағы үлкен реформалар - ҳәммеси ҳаялға күш ҳәм исеним берди.

- Буннан он жыл алдын жоқары мағлыўматы жоқ, жумыссыз, исбилерменликти тек әрман ететуғын ҳаял едим. Бүгин болса көп тармақлы исбилерменмен, онлаған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп атырман. Ҳәтте жоқары мағлыўматлы болдым. 2020-жылы жоқары оқыў орнына кирип, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бағдарында оқый баслағанымда 3 перзентим де студент еди. Олар қатарында мен де оқыдым, өз үстимде ислеўден тоқтамадым. Булар ертек емес, ҳақыйқат. Айтсаңыз асыра сөйлеў болып түйилиўи мүмкин, бирақ елимизде исбилерменлер ҳәм ҳаял-қызларға бундай шараят жаратылмағанында ҳәзирги нәтийжелерге ерисиўим ҳеш мүмкин емес еди. Қалаберди, тынышлық, турақлылықта гәп көп. Журты, шаңарағы тыныш емес ҳаял табысқа ерисе алмайды. Мине усы қәтержамлық ушын шүкирлик етемен. Инсан қәдири ҳәм мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген мәмлекет ҳәм жәмийеттиң еркин, интакер пуқарасы екенимди мақтаныш етемен, - дейди "Жаңа исбилермен келешеги" ЖШЖ баслығы Замира Салимова. - Бүгинги исбилермен, бәринен бурын, еркин, тек жумысы, раўажланыў ҳаққында ойлайды, машқалалар басын аўыртпайды. Тексериўлер, салық жүклемелеринен қорықпайды. Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди мине усындай машқалалардан, қорқыўлардан қутқарды. Бул әпиўайы гәп емес. Ҳәр бир тараўда жеке меншик секторға берилип атырған жеңилликлер ҳәм имканиятлар ҳаққында болса саатлап айтыў мүмкин. Әпиўайы бир исбилермен сыпатында өзим де олардың көбинен пайдаланып киятырман.

Мәселен, жаңа бақшаны ашыў ушын да 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алдым. Усы жәрдем жумысымды раўажландырыўға үлкен жәрдем берди. Яғный бүгин исбилерменлерге берилип атырған ҳәр бир жеңиллик ҳәм қолайлықлар артында исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў мақсети тур. Буннан нәтийжели пайдаланыўымыз, өз үстимизде ислеўден тоқтамаўымыз керек. Бәрқулла жумысымды кеңейтиў ҳәрекетиндемен. Келешекте арнаўлы ҳәм жеке меншик мектеплер ашпақшыман. Ҳәзир елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин кластер түринде жүргизиў имканияты бар. Бул нәтийжеге де, әлбетте, ерисемен. Мәмлекетимиз басшысының ҳәр жылы исбилерменлер менен болып өтетуғын ашықтан-ашық сөйлесиўинде үлкен жеңилликлер берилип атырғаны бизди және де руўхландырмақта. Бул ретки ашық сөйлесиў өзгеше болды. Күтилгенинен де көбирек басламалар алға қойылып, жаңа жеңилликлер усынылды. Айырым салық жеңилликлериниң әмел етиў мүддети создырылғаны, киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын ҳәр қандай тексериўге үш жыл мүддетке мораторий енгизилгени, еки жыл даўамында салық ҳәм кредит миннетлемелерин өз ўақтында орынлаған, жумыс орынларын сақлаған ҳәм сап пайда менен ислеген киши ҳәм орта бизнес субъектлерине 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериў механизми белгиленгени - булардың барлығы исбилермен ушын қосымша хошамет, жаңа имканият, және де раўажланыў ушын қолайлы шараят дегени.

Сөйлесиўден басланған усыныслар

Ҳақыйқатында да, соңғы айларда ғалаба хабар қуралларында ең көп айланып атырған темалардан бири мәмлекетимиз исбилерменлерине берилип атырған жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында болмақта. Бул жаңалықлар ҳаққында дәслеп усы жылы 18-август күни мәмлекетимиз басшысының елимиз исбилерменлери менен болып өткен алтыншы ашықтан-ашық сөйлесиўинде айтылған еди. Арадан көп өтпей, исбилерменлерди қуўандырып, толқынландырған сол жеңилликлер әмелде енгизилип, ҳуқықый жақтан кепилленди.

Гәп мәмлекетимиз басшысының усы жыл 27-августтағы "Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен VI ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳаққында бармақта. Ҳүжжетте ашықтан-ашық сөйлесиўлер процесинде билдирилген усыныслар ҳәм машқалалардың әмелий шешимлери сәўлеленген. Оның ҳәр бир бәнтинде белгиленген жеңилликлердиң көпшилиги бизнес ийелериниң өзи ушын да үлкен жаңалық болды. Сонлықтан, пәрман исбилерменлер арасында үлкен шаўқым менен күтип алынып, әмелдеги қолайлықлар анық мысаллар менен талланбақта. Бул ўақыя исбилерменлик ушын жаңа имканиятлар дәўири сыпатында баҳаланбақта.

Дурыс, кейинги жылларда ашықтан-ашық сөйлесиўден соң ҳәр сапары мине усындай жаңалықлар болыўы, қосымша жеңилликлер берилиўи әдеттеги жағдайға айланған. Бирақ бул сапары көлем де, қамтып алыў да бираз кең. Тийкарғы итибар исбилерменди артықша ҳәкимшилик басымнан қорғаў, қәрежетти азайтыў, финанслық имканиятларын кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда ҳуқықый кепилликлерди күшейтиўге қаратылған. Булардың ҳәр бирине анық, нәтийжели шешимлер берилген.

Мәселен, пәрмандағы ең үлкен жаңалықлардан бири киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын ҳәр қандай түрдеги тексериўге үш жыл мүддетке мораторий енгизилгени болып есапланады. Усы дәўир даўамында киши бизнес ийелери тийкарсыз тексериўлерден азат болады. Әлбетте, бул пүткиллей қол қатылмаслық дегени емес. Жынаят иси шеңбериндеги, инсан денсаўлығына тәсирин үйрениў ҳәм мийнет нызамшылығына әмел етиў менен байланыслы, пуқаралардың мүрәжатлары, қосымша қун салығын қаплаў ямаса қайтарыў ҳәм исбилерменлик субъектин сапластырыў мүнәсибети менен өткерилетуғын тексериўлер буған кирмейди.

Бирақ басқа керексиз тексериўлердиң болмаўы исбилерменге әдеўир еркинлик береди. Қалаберди, бул норма киши бизнес ушын психологиялық ҳәм экономикалық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди. Себеби киши кәрхана ушын ҳәр бир тексериў тек ғана ўақыт ҳәм ресурс емес, ал өндирис процесиниң изден шығыўы, хызметкерлердиң итибарын тийкарғы жумыстан шалғытыў ҳәм қосымша қәрежетлерди аңлатыўы мүмкин. Тийкарғы тәрепи болса, мораторий тек ғана декларациялық норма болып қалмаўы ушын жуўапкершилик механизми де белгиленген. Мораторий дәўиринде киши исбилерменлик субъектин нызамға қайшы түрде тексериў нызамсыз ҳәм бундай ҳуқықбузарлыққа жол қойған шахслар жуўапкершиликке тартылады.

Бир неше жыл алдын жуўапкерлер менен бирге жаңа жумыс баслаған исбилерменниң жумысы менен жақыннан танысқанбыз. Сол ўақытта бизнес ийеси өз жумысы ҳаққында толқынланып сөйлеген. Кетип баратырғанымызда болса жуўапкерлерге күн ара кәрханасына тексериў келип атырғаны, машқала болмаса да, ўақты босқа кетип атырғаны ҳаққында уялып ғана айтты. Жуўапкерлер болса бул қәўипсизлик талабы екенин, тексериўлер имараттың қәўипсизлик қураллары ҳәм басқа да процесслерди көзден өткериў ушын екенин айтты. Исбилермен тексериўшилер ҳәр сапар ҳүжжет сорап, қайта-қайта келип атырғанын және бир мәрте атап өтти. Енди бундай пайдасыз тексериўлер болмайды.

Исбилерменлерге ижараға алынған жерди екилемши ижараға бериў имканияты да берилмекте. Пәрман тийкарында ижараға алынған, соның ишинде, аукцион арқалы алынған жер майданын басқа исбилерменлерге екилемши ижараға бериў ҳуқықы қолланылады. Исбилерменлик жумысы ушын көшпес мүлк ижарасында "коммерциялық ижара" айрықша категориясы енгизилип, үлги шәртнамасы ислеп шығылады. Бул мәселени, яғный коммерциялық ижараға байланыслы ҳуқықый механизмлерди жетилистириў усынысын мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыўда “Korzinka” супермаркетлер тармағының тийкарын салыўшысы Зафар Хошимов алға қойған еди.

Бизнеске жаңа нәпес

Исбилермен ушын финанслық ресурс бәрқулла зәрүр. Ҳәтте ири бизнеслерде де жумысты кеңейтиў ушын қосымша финанслық жәрдемге мүтәж болады. Бул бағдардағы система елимизде барған сайын әпиўайыластырылып, исбилерменлерге қолайлылық артып атырғанының себеби сонда. Пәрман болса исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин сезилерли дәрежеде кеңейтеди. Енди бизнес ийелерине финанслық ҳәм финанслық емес жәрдемлерди басқышпа-басқыш "бир айна" принципи тийкарында усыныў ушын бирден-бир санлы платформа енгизиў нәзерде тутылған.

Қалаберди, еки жыл даўамында салық ҳәм кредит миннетлемелерин өз ўақтында орынлаған, жумыс орынларын сақлаған ҳәм сап пайда менен ислеген киши ҳәм орта бизнес субъектлерине 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериў механизми белгиленди. "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" тәрепинен кредитлер, банк кепилликлери, аккредитивлер ҳәм лизинг бойынша 75 процентке шекем кепиллик, мәмлекетлик сатып алыўларда белсене қатнасып атырған исбилерменлерге шәртнаманы орынлаў ҳәм авансты қайтарыў ушын 2,5 миллиард сумға шекем кепиллик бериледи.

Бул жерде итибар қаратыў лазым болған тәрепи сонда, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў тек ғана төмен процентли кредит бериў менен шекленбей атыр. Кепиллик, мәмлекетлик сатып алыўларда кепиллик ҳәм активлерди сатып алыўды қаржыландырыў сыяқлы инструментлер бизнестиң түрли басқышларындағы финанслық тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған. Әсиресе, банктен кредит алыўда жетерли гиреўге ийе болмаған, бирақ экономикалық жақтан перспективалы жойбары бар исбилерменлер ушын кепиллик механизми оғада әҳмийетли.

- Раўажланыў ҳәрекетиндеги ҳәр қандай исбилермен ушын финанслық ресурслар бәрқулла зәрүр. Өзимизден мысал: сүтти қайта ислеў заводларымызда сырт елден алып келинген ең заманагөй өндирис линиялары орнатылған. Олардың ҳәр бири үлкен қаржыға баҳаланған. Өз дәўиринде бундай қаржыны кредит түринде алыў исбилерменге аңсат болмаған. Бүгин финанслық механизмлердиң түри де, көлеми де кең. Исбилерменлер өзине қолайлы болғанынан пайдаланыўы мүмкин, - дейди Хорезмдеги “Damar” сырт ел компаниясының басшысы Ферузбек Қуронбоев. - Кәрханамыз жумысын 2000-жылы 150 литр сүтти қайта ислеўден баслаған. Ҳәзир бул көлем күнине 40 тоннаға шекем жеткен. Сол ўақытларда Өзбекстанда бириншилерден болып голланд сортындағы сыр ислеп шығарыўды жолға қойған едик. Мине, 26 жылдан берли кәрханамызда сүт өнимлери қайта исленип, таяр өним алынбақта. Ҳәзир 50 ден аслам сүт өними ислеп шығарылады. Сырдың 20 ға жақын түри бар. Өнимлеримиз тийкарынан ишки базарға шығарылады. 120 дан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленген. 2016-жылы үлкен жойбарды басладық.

Елимизде барлық тараўда реформалар ҳәўижге шығып атырған, исбилерменлик орталығы қәлиплесип, бизнес ийелерине исеним билдирилип атырған сол ўақытта жаңа завод қурыўға киристик. Дәслепки қәдемлеримизден-ақ мәмлекеттиң жәрдемин сездик. Район ҳәкимлиги жойбар ушын 1,5 гектар жер ажыратты. 2018-жылы жаңа заводтың дәслепки линиялары иске қосылды. Жойбар шеңберинде 2019-жылы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен 2,3 миллион долларлық кредит шәртнамасына қол қойылды. Буннан тысқары, кәрханаға бес грант қаржысы ажыратылды.

Өткен жылы 5,761 мың квадрат метр майдандағы жаңа завод иске қосылды. Өнимлеримиздиң маркалы аты өзгертилип, “Tillo Domor”дан “Damar” брендине өзгерди. Бул әпиўайы атама алмасыўы емес, узақ тарийхқа ийе жергиликли шаңарақлық кәрхананың халықаралық базарға мөлшерленген, энергия нәтийжелилиги ҳәм экологиялық нормалар бойынша Европа талапларына жуўап беретуғын заманагөй компанияға айланыўы болып есапланады. Келешектеги режелеримиз үлкен. Жақын жылларда сүтти қайта ислеў көлемин басқышпа-басқыш күнине 50, кейин 100 тоннаға жеткериў, 40 тан аслам өним түрин ислеп шығарыў, миллий брендтеги өнимлеримизди дәслеп қоңсы мәмлекетлерге, кейин Жақын Шығыс мәмлекетлерине экспорт етиўди режелестиргенбиз. Шийки затты көбейтиў ушын фермер ҳәм шарўалар менен бирге ислесиў бойынша жаңаша қатнаслар ҳаққында ойлап атырмыз. Санаат туризмин жолға қойып, "Хорезм сырлары" жойбарын иске қосыў, заводқа экскурсия, сыр жетистириў тарийхы экспозициясын жолға қойыў нийетимиз де бар. Себеби, үлкениң туристлик имканиятлары барған сайын кеңейип бармақта. Санаат туризми бул бағдарда өзине тән бағдарға айланыўы мүмкин. Қалаберди, Президентимиздиң бул пәрманында әйне туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўына да үлкен итибар қаратылған. Енди жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўымыз керек.

Экспортқа жаңа жеңилликлер

Америкалы илимпаз Питер Друкердиң бир гәп бар: "Исбилерменниң өзине тән қуралы - инновация. Ол өзгерислерден жаңа имканият жаратыў қуралы сыпатында пайдаланады". Буннан он жыл бурын усы сөз туўралы сөз болғанда, итимал, көпшилик исбилерменлик пенен инновацияның байланыслылығын түсинбейтуғын еди. Бирақ бүгин ҳәммеси тәбийғый - жүзлеген инновациялық идеялар стартап жойбарларға айланып, турмысқа енгизилмекте. Тараўлар усы тәризде заманагөйлесип бармақта.

Бул пәрманда инновациялық исбилерменлик ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаўға да айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, 2027-2030-жылларда “UzVC” миллий венчур фонды тәрепинен "Келешек исбилермени" бағдарламасы әмелге асырылады, 8 тийкарғы бағдар бойынша 30 ға шекем стартап жойбар ашық таңлаў тийкарында қаржыландырылады. Ҳәр бир жойбарға 5 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиў мүмкин. Қаржы үш жылға процентсиз ҳәм гиреўсиз, келешекте кәрханадағы үлеске айландырылатуғын қарыз ямаса “SAFE” механизми тийкарында бериледи. Мәмлекетлик үлес 49 проценттен артпайтуғыны, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилерге мәмлекетлик үлести базар баҳасында сатып алыў ҳуқықының берилиўи мәмлекеттиң стартаптағы қатнасыўы турақлы қадағалаў қуралына айланып қалмаўы ушын әҳмийетли кепиллик болып есапланады.

Бул жерде принципиал өзгерис бар: мәмлекет дәстүрий "субсидия бериўши" ролинен тысқары, инновациялық идеяға инвестиция киргизиўши шерик сыпатында да ортаға шықпақта. Қалаберди, пәрман жеке меншик инвесторларды да бул процесске тартыўды нәзерде тутады.

Электр ҳәм газ ушын төлемдеги жеңилликлер де исбилерменниң айланыс қаржысына жеңиллик береди. Пәрманның мине усы бөлеги көплеген бизнес ийелерин қуўандырды. Себеби, 2026-жыл 1-ноябрьден баслап электр ҳәм тәбийғый газди есапқа алыўдың автоматластырылған системасына жалғанған исбилерменлер ушын айлық тутыныў бойынша алдыннан төлем муғдары 15 процентке шекем түсириледи. Жаңа тәртип электр ҳәм газ есаплағышларында аралықтан турып өшириў ҳәм жағыў функциясы бар болған исбилерменлик субъектлерине енгизиледи. Сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм газден пайдаланыў бойынша жазба есабатларды аймақлық тәмийнат кәрханаларына тапсырыў миннетлемеси бийкар етиледи. Электр ҳәм газ тәмийнаты шәртнамаларын қағазда рәсмийлестириў әмелияты орнына электрон дүзиў тәртибине өтиледи.

- Бул өзгерислердиң экономикалық нәтийжеси тек ғана қағазпазлықтың азайыўында емес. Алдыннан төлеў жүгиниң азайыўы исбилерменниң айланыс қаржысын өндирис, хызмет көрсетиў ямаса товар сатып алыўға бағдарлаў имканиятын арттырады. Әсиресе, бизики сыяқлы ири кәрханаларда бундай жеңилликлер жақсы сезиледи. Кәрханамыз 2021-жылы кластер системасына өткенинен берли пахта шийки затын жетистириў, пахта талшығын ислеп шығарыў, ийирилген жип ийириў, трикотаж шийки гезлеме тоқыў, таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жумыслары менен шуғылланып келмекте. Жыллық өндирис қуўатлылығы 1650 ден аслам таяр трикотаж өними болып, бүгин 1300 турақлы жумысшы мийнет етпекте. Жыллық экспорттың баҳасын 12 миллион долларға жеткердик. Өнимлеримиз Полша, Түркия, Россия, Италия, Қазақстан базарына кирип бармақта, - дейди Әндижан ўәлаятындағы “Xo‘jaobod fayz-m” ЖШЖ баслығы Лутфулло Абдуллаев. - Исбилермен ушын ишки талаптан тысқары, сырт ел базарына шығыў көбирек имканият жаратады. Бирақ бул аңсат процесс емес. Өним сапасынан тысқары, қәрежет мәселелери бизнес ийесин көбирек қыйнайды. Кейинги жыллары елимизде исбилерменлерге бул бағдарда берилип атырған жеңилликлер экспортшы кәрханалардың санын арттырып, экспорт географиямызды бир неше есеге кеңейтти.

Ҳәттеки сырт еллерде саўда үйлери ҳәм дүканларын ашыўымызда мәмлекет тиккелей жәрдем берип атыр. Биз де мине усы жәрдемнен пайдаланып, Россия ҳәм Қазақстанда саўда үйлерин аштық. Жаңа пәрманда экспорт бойынша көплеген жеңилликлер нәзерде тутылғанын көрип қуўандық. Атап айтқанда, халықаралық базарға шығатуғын миллий брендлерге 50 мың долларға шекем субсидия ажыратылып, сырт елден брендмекерлерди тартыў қәрежетиниң ярымы - 500 мың долларға шекемги бөлеги қаплап берилетуғын болды. Халықаралық тендерлерде қатнасыў ушын консалтинг компанияларын тартыў ҳәм тендерде қатнасыў қәрежетиниң 80 процентине шекемги бөлеги де қапланады. Булар тек ғана жеңиллик ҳәм жәрдем емес, ал мәмлекеттиң исбилерменге үлкен исеними, хошамети белгиси болып есапланады.

* * *

Ҳәр сапар Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи әне усындай әмелий нәтийжеге өтиўи дәлил талап етпейтуғын ҳақыйқатқа айланып болған. Яғный пәрманда келтирилген нормалар тек ғана қағазда қалып қоймайтуғынын, белгиленген мүддетлерден баслап турмысқа енгизилетуғынын бизнес ийелериниң өзи де жақсы биледи. Енди тийкарғы мәселе исбилерменлердиң имканиятлардан қай дәрежеде нәтийжели пайдаланыўы ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң бул кепилликлерди әмелде тәмийинлей алыўы болып табылады.

Әҳмийетлиси, бул пәрман жаңа Өзбекстанда исбилерменликке мүнәсибетти және бир мәрте анық белгилеп бермекте: жеке меншик бизнеске тосқынлық қойыў емес, оның нызамлы жумыс алып барыўы ушын шараят жаратыў мәмлекетлик экономикалық сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларынан.

 

Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы