Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат
Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң усы жыл 23-24-август
күнлери болып өткен ушырасыўларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын
тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекет басшыларының дослық басламаларын әмелий
нәтийжелерге енгизиў мақсетинде энергетика ҳәм нефть-газ тараўларындағы бирге
ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Август саммитиниң жуўмақлары бойынша қол қойылған
Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнама еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды жаңа
басқышқа алып шыққаны айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, SOCAR компаниясы менен Өзбекстанда жанылғы
қуйыў шақапшалары тармағын раўажландырыў, сондай-ақ, Үстирттеги инвестициялық
блокларда геологиялық-излеў жумысларының барысы ҳәм оларды жеделлестириў
мәселелери көрип шығылды. SOCAR
ҳәм Өзбекстан компаниялары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги
инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыўда мәмлекет басшылары тәрепинен белгиленген
ўазыйпаларға муўапық нефтти қайта ислеў қуўатлықларын жаратыў, нефть шийки заты
ҳәм нефть өнимлериниң импортын шөлкемлестириў мәселелери де додаланды.
Бул бағдарлардағы жойбарларды әмелге асырыўдың ҳәзирги
жағдайы ҳәм пәтлери талланып, ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм нәтийжели
әмелге асырыў, бар мәселелерди жедел шешиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге
асырыўды және де жеделлестириў бойынша гезектеги илажлар белгилеп алынды.