Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы көп әсирлик
тарийхый байланысларды жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында
сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерин додалады. Еки мәмлекет ушын
тийкарғы болған суў ресурсларын басқарыў, жаңа ҳәм қайта тиклениўши энергия
дәреклери, аўыл хожалығы, жасалма интеллект сыяқлы бағдарларда биргеликтеги
илимий-изертлеў жойбарларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыўда
илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм профессор-оқытыўшылардың өз-ара сапарларын
жеделлестириў, қоспа тәжирийбе арттырыў бағдарламалары, стажировкалар,
семинарлар ҳәм илимий конференцияларды шөлкемлестириў, еки мәмлекет жоқары
билимлендириў мәкемелери арасында тиккелей шериклик байланысларын раўажландырыў
бойынша пикир алысылды.
Тәреплер қоспа
билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, магистратура ҳәм докторантура
бағдарларында бирге ислесиўди кеңейтиў, илимий кадрлар таярлаў ҳәм
студентлердиң академиялық мобиллигин раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар
қаратты. Сондай-ақ, өз-ара стипендия бағдарламаларын жаратыў ҳәм академиялық
мобилликти және де кеңейтиў перспективалары додаланды.
Атап
өтилгениндей, усы жылдың 28-30-июль күнлери Каир қаласында «Study in
Uzbekistan» билимлендириў көргизбеси өткерилип, онда Өзбекстанның 15 жоқары
оқыў орны қатнасады. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның жоқары оқыў
орынларында, тийкарынан медицина бағдарлары бойынша Египеттен 390 студент билим
алып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, Египет
Араб Республикасы Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер министрлиги менен
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги
арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген жоқары билимлендириў, илим ҳәм
инновациялар тараўындағы бирге ислесиўдиң Атқарыў бағдарламасының жойбары көрип
шығылды. Ҳүжжет жойбары Египет тәрепине көрип шығыў ушын жиберилгени атап
өтилип, ҳүжжетти жуўмақлаў ушын қәнигелердиң қатнасыўында онлайн ушырасыў
өткериў усыныс етилди.
Буннан тысқары,
тәреплер Өзбекстан геология илимлери университети тәрепинен Египеттиң «Seagull
Petroleum and Mining» компаниясы менен университеттиң Каир қаласында филиалын
шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған сөйлесиўлер мәселеси бойынша пикир
алысты. Бул мәселе бойынша дәслепки келисимлерге ерисилгени, Египет тәрепи
тийисли келисимге қол қойыў ушын Ташкентке мирәт етилгени мәлим етилди.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер илимий-инновациялық жумыс, технологиялар трансфери,
технологиялық исбилерменлик ҳәм илимий қолланбаларды коммерцияластырыў тараўларындағы
бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады және
Ташкент ҳәм Каир қалалары арасында биргеликтеги инновациялық платформаны
жаратыў перспективасын қоллап-қуўатлады. Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм
Египет арасындағы билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўди сапа
жағынан жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы умтылыслар исенимли екени
тастыйықланды.