Қытайдың космос тараўындағы алдынғы тәжирийбеси Өзбекстан ушын кең имканиятлар ашып, технологиялар трансферин жеделлестириў ҳәм жаңа билимлерди өзлестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Космослық бирге ислесиў экономиканың реал секторы ушын әмелий әҳмийетке ийе: аўыл хожалығында өнимдарлықты анығырақ болжаў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, экологиялық мониторингти күшейтиў, қала қурылысы ҳәм инфраструктуралық жойбарластырыўды жетилистириў имканиятын береди.
Ушырасыў даўамында Өзбекстанның биринши илимий жолдасты ушырыў ҳәм биринши миллий космонавтты таярлаў бойынша басламалар ҳәм бул бағдардағы бирге ислесиўдиң келешектеги режелери де додаланды.