Индонезия миллий метеорологиялық агентлиги (BMKG) мағлыўматларына бола, жер силкиниў бес теңиз бойы аймағына тәсир еткен цунамийди келтирип шығарған. Суў дәрежесиниң ең көп, яғный 75 сантиметрге шекем көтерилиўи Сулавеси атаўының арқасында жайласқан Арқа Минахаса округинде бақланған, деп жазбақта RuNews.

Тәбийғый апатшылықтың тийкарғы соққысы 11 тәкирарланыўшы силкиниўлер (афтершоклар) сериясы менен бақланды. Ең күшли афтершок 5,5 магнитудалы болды.

Жергиликли ҳәкимият ўәкиллериниң мәлим етиўинше, апатшылық жүз берген аймақларда турақ жайлар ҳәм ҳәкимшилик имаратларға зыян жеткен. Зыянларды баҳалаў ҳәм жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў жумыслары даўам еттирилмекте.

Жергиликли қәўипсизлик хызметлери ҳәм қутқарыўшылар жағалық бойы аймақларының халқын қәўипсизлик илажларына әмел етиўге ҳәм рәсмий уйымлардың усынысларына әмел етиўге шақырмақта.