VÚZ - Словакияның жетекши илимий-изертлеў
институты болып, 75 жыллық тәжирийбеге ийе, кепсерлеў технологиялары тараўында
Европа ҳәм халықаралық дәрежеде тән алынған. Институт IIW ҳәм EWF системалары талапларына муўапық қәнигелерди халықаралық сертификатлаў
ўәкиллигине ийе.
Ерисилген келисим шеңберинде Наманганда заманагөй халықаралық кепсерлеў
мектеби шөлкемлестириледи. Онда оқытыў Словакия ҳәм басқа да Европа
мәмлекетлеринен маман қәнигелерди тартқан ҳалда халықаралық стандартлар
тийкарында алып барылады.
Мектеп питкериўшилери раўажланған мәмлекетлерде талап жоқары болған ҳәм
жоқары дәраматлы жумыс орынларына талабан болыў имканиятын беретуғын IIW/EWF
халықаралық сертификатларына ийе болады.