Режеге муўапық, наўқас балалардың ата-аналары балаларды үй шараятында емлеў ушын өзлери жасайтуғын аймақтағы районлық (қалалық) медицина бирлеспесине мүрәжат етеди. Арзаға жуўмақлаўшы диагноз қойылған медициналық жуўмақ ҳәм наўқас балаларға усыныс етилген зәрүр медициналық әсбап-үскенелер дизими қосымша етиледи. Арза аймақлық жумысшы топар тәрепинен 10 күн ишинде көрип шығылады. Аймақлық жумысшы топар ҳәр жылы 1-июньға шекем келеси жыл ушын зәрүр болған медициналық әсбап-үскенелерге болған талапты электрон тәризде республикалық жумысшы топарға усынады. Республикалық жумысшы топар зәрүр болған медициналық үскенелердиң дизимин улыўмаластырып, 15-июньге шекем Денсаўлықты сақлаў министрлигине усынады. Министрлик келеси жылдың 1-июнына шекем үйде емлениў ушын зәрүр болған медициналық үскенелерди нызамшылыққа муўапық сатып алыў илажларын көрсин. Медициналық әсбап-үскенелер ҳәр жылы 1-июльге шекем республикалық жумысшы топар тәрепинен бөлистириў режеси тийкарында аймақлар кесиминде бөлистириледи. Әсбап-үскенелер шәртнама тийкарында тийисли район (қала) медицина бирлеспесиниң ўәкили қатнасыўында аймақлық жумысшы топар тәрепинен жеткерип бериўши шөлкемнен қабыл етилгеннен соң 10 күн ишинде жәрдемге мүтәж наўқас баланың ата-анасы ямаса нызамлы ўәкиллерине тапсырылады.
Режеге муўапық, наўқас балалардың ата-аналары балаларды үй шараятында емлеў ушын өзлери жасайтуғын аймақтағы районлық (қалалық) медицина бирлеспесине мүрәжат етеди.
Арзаға жуўмақлаўшы диагноз қойылған медициналық жуўмақ ҳәм наўқас балаларға усыныс етилген зәрүр медициналық әсбап-үскенелер дизими қосымша етиледи.
Арза аймақлық жумысшы топар тәрепинен 10 күн ишинде көрип шығылады.
Аймақлық жумысшы топар ҳәр жылы 1-июньға шекем келеси жыл ушын зәрүр болған медициналық әсбап-үскенелерге болған талапты электрон тәризде республикалық жумысшы топарға усынады.
Республикалық жумысшы топар зәрүр болған медициналық үскенелердиң дизимин улыўмаластырып, 15-июньге шекем Денсаўлықты сақлаў министрлигине усынады.
Министрлик келеси жылдың 1-июнына шекем үйде емлениў ушын зәрүр болған медициналық үскенелерди нызамшылыққа муўапық сатып алыў илажларын көрсин.
Медициналық әсбап-үскенелер ҳәр жылы 1-июльге шекем республикалық жумысшы топар тәрепинен бөлистириў режеси тийкарында аймақлар кесиминде бөлистириледи.
Әсбап-үскенелер шәртнама тийкарында тийисли район (қала) медицина бирлеспесиниң ўәкили қатнасыўында аймақлық жумысшы топар тәрепинен жеткерип бериўши шөлкемнен қабыл етилгеннен соң 10 күн ишинде жәрдемге мүтәж наўқас баланың ата-анасы ямаса нызамлы ўәкиллерине тапсырылады.