"Өзгидромет"тиң
мәлим етиўинше, республикамыз аймағының көпшилик бөлегинде жаўын-шашын
болмайды, тек ғана Ферғана ойпатының айырым аймақларында 16-сентябрь, сәршемби
күни азмаз ўақытқа жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с,
16-сентябрьде республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа
шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Өзбекстанның таўлы
аймақларында 14-17-сентябрь күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын
жаўыўы мүмкин.
Ташкентте: 14-18-сентябрь
күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы
түнде 15-18гр жыллы, күндиз 30-33гр жыллы.
Самал шығыстан 3-8 м/с
тезликте еседи.