Мәселе Стамбулда балаларға заманагөй социаллық хызметлерди кеңейтиў ҳәм
шаңарақларды қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге қаратылған жаңа жойбарды таярлаў
шеңберинде додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Агентлик ўәкиллери 2010-жылдан берли майыплығы ҳәм раўажланыўының ҳәр
қыйлы өзгешеликлери болған балаларға хызмет көрсетип киятырған «Avrupa Çocuk»
компаниясының жумысы менен танысты. Орай, әсиресе, аутизм спектринде бузылыўы
бар, ҳәрекет функциялары, майда моторикалық, сөйлеў ҳәм ақылый раўажланыўы
бузылған балалар менен ислейди.
Майданы дерлик 3
мың квадрат метр болған орай айына 1,4 мың балаға хызмет көрсетиў қуўатлылығына
ийе. Стамбулда оның 13 филиалы жумыс алып бармақта, Түркия Миллий билимлендириў
министрлиги менен биргеликте әмелге асырылып атырған тийисли бағдарламалар
шеңбериндеги хызметлер балалар ҳәм олардың шаңарақларына бийпул көрсетилмекте.
Түрк моделиниң
тийкарғы элементлеринен бири бул индивидуал қатнас болып табылады. Бирлемши
тексериўден соң қәнигелер баланың мүтәжликлерин анықлайды, реабилитациялаў ҳәм
оқытыўдың индивидуал бағдарламасын ислеп шығады, динамика турақлы баҳаланып
барылады.
Жумысқа
физиотерапевт, логопед, психолог ҳәм педагоглар қатнасады. Қолланылатуғын
усыллар арасында сенсор интеграция, сөйлеў ҳәм физикалық терапия, еркинлик ҳәм
күнделикли турмыс көнликпелерин раўажландырыў ушын арнаўлы бағдарламалар бар.
Сондай-ақ, тәреплер ата-аналар менен ислесиў, олардың реабилитация процесинде
қатнасыўы ҳәм баланың жаңа орталыққа бейимлесиўин додалады.
Сапардың жуўмақлары
бойынша Түркия тәжирийбеси Өзбекстанда балаларды реабилитациялаў системасын
раўажландырыўдың мүмкин болған бағдарларынан бири сыпатында белгиленди. Келешектеги
бирге ислесиў шеңберинде болажақ жойбардың анық параметрлерин белгилеп алыў
керек.